Өзбекстан Республикасы ҳәм Әзербайжан Республикасы арасындағы әзелий
дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлықты избе-из раўажландырыў ҳәм жаңа
басқышқа алып шығыў бағдарындағы көп жыллық нәтийжели жумысы,
сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық байланысларды
кеңейтиў, еки тәреплеме пайдалы биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге
асырыў, Жаңа Өзбекстанның глобаллық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе болған
басламаларын жедел қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, өзбек ҳәм әзербайжан халықлары
арасындағы туўысқанлық байланысларын, өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет руўхындағы
қатнасықларды ҳәр тәреплеме беккемлеў жолындағы үлкен хызметлери ушын
Әзербайжан Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм Толық
ҳуқықлы елшиси Гулиев Гусейн Рзагулу улы Өзбекстан Республикасының “Меҳнат
шуҳрати” ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев