Мәмлекетимиз басшысы Минск қаласында белоруслы кәсиплеси менен тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялар ағзаларының қатнасыўында сөйлесиў өткерди.

Жетекшилер сиясий сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыў, сондай-ақ, парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў зәрүр екенлигин атап өтти. Тәреплер көп қырлы шерикликти узақ мүддетли раўажландырыў бағдарындағы умтылыслары исенимли екенин тастыйықлады ҳәм тийкарғы тараўлардағы жаңа жойбар басламаларын көрип шықты.

Сөйлесиўлер жуўмағында Президентлер Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы декларацияға қол қойды. Олардың қатнасыўында бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлер алмасылды.

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын билдириўлерде бул ретки рәсмий сапар Өзбекстан - Беларусь қатнасықларының раўажланыўында тарийхый ўақыя болғаны ҳәм мәмлекетлераралық бирге ислесиўди беккемлеўде жаңа дәўирди баслап беретуғыны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Рәсмий сапар илажлары жуўмақланғаннан соң Өзбекстан Президенти Ташкентке жөнеп кетти.