Фестивальдың даўамлылығы 2018-жылдағы 3 күннен 2025-жылы 40 күнге шекем создырылғаны нәтийжесинде сырт елли туристлердиң саны 25 мыңнан 800 мыңға, ишки туристлердиң саны болса 6,4 миллионға жетти.

Гезектеги мақсет - 50 ден аслам мәмлекеттен 1 миллион сырт ел ҳәм 7 миллион жергиликли туристлерди тартыў, 150 ден аслам илаж өткериў, хызметлер көлемин 8 триллион сумға жеткериў.

Усы жыл 24-май күни басланған ҳәм 12-июльге шекем даўам ететуғын 65-Халықаралық гүллер фестивалы да өзине тән байрам кейпиятында өтпекте.

Фестиваль рәсмий түрде Гиннестиң рекордлар китабына киргизилген. Оның шеңберинде китап ўәкиллери бир ай даўамында Наманган қаласының халқы тәрепинен 29 миллион түптен аслам гүл нәллерин қолда егиў процесин бақлап барды. Буннан кейин жәҳән рекорды орнатылды.

Наманган қаласындағы 45 мәҳәлле гүл жетистириўге қәнигелестирилип, 16 мың шаңарақ қамтып алынған, 21 мың адамның бәнтлиги тәмийинленген. Усы хожалықлардың қыйтақ жерлеринде март-апрель айларында 4 мың 683 ыссыхана шөлкемлестирилип, 120 миллион түп гүл нәли жетистирилди. Нәтийжеде халыққа 300 миллиард сум қосымша дәрамат түсти.

Мәмлекетимиз басшысы фестиваль шеңберинде жаратылған гүл композициялары, тематикалық майданлар ҳәм көргизбелер менен танысты, гүл жетистириў менен шуғылланып атырған халық, исбилерменлер, фестиваль қатнасыўшылары ҳәм мийманларды қызғын қутлықлады.