Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың басшылығында өткен илажда
Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Ҳиндстан Республикасы Бас
министри Нарендра Моди, Иран Ислам Республикасы Президенти Масуд Пезешкиан,
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қытай Халық Республикасы
Баслығы Си Цзиньпин, Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф,
Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти
Эмомали Раҳмон, сондай-ақ, ШБШ Бас хаткери Нурлан Ермекбаев ҳәм Шөлкемниң
Регионаллық антитеррор структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Уларбек
Шаршеев қатнасты.
Күн тәртибине
муўапық, шөлкемниң 25 жыллық жумысында ерисилген жетискенликлер, турақлылықты
беккемлеў, бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм биргеликте және де раўажланыў бойынша
перспективалы ўазыйпалар додаланды. Ең әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық
мәселелер бойынша да ашық пикир алысылды.
Мәжилисте
делегациялардың басшылары Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Өзбекстан халқын
Ғәрезсизлик күни менен қызғын қутлықлады. Мәмлекетимиз жетекшиси тәрепинен
әмелге асырылып атырған кең көлемли ишки реформалар, елимиздиң турақлылығын,
қәўипсизлигин ҳәм абаданлығын беккемлеў, халқымыздың абаданлығын арттырыўға
қаратылған прагматикалық ҳәм ашық-айдын сыртқы сиясатқа жоқары баҳа берилди.
Өзбекстан басшысы
ушырасыў қатнасыўшыларын қутлықлап, Қырғызстан Президенти ҳәм туўысқан қырғыз
халқына мәмлекетлик суверенитетиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен ең жақсы
тилеклерин билдирди. Мәмлекетимиздиң раўажланыў пәтлери ҳәм халықаралық
майдандағы абырайы избе-из беккемленип атырғанын айрықша атап өтти. Қырғызстанның
Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылығының нәтийжели жуўмақларын атап өтип,
мәжилис күн тәртиби ҳәм қарар жойбарларын қоллап-қуўатлады.
Президентимиз шерек
әсир даўамында шөлкем өзиниң зәрүрлиги ҳәм нәтийжелилигин тастыйықлағанын атап
өтти. ШБШ Хартия ҳәм "Шанхай руўхы" принциплерине әмел еткен ҳалда
тең ҳуқықлы сөйлесиўди тәмийинледи, регионда турақлылық ҳәм избе-из
раўажланыўға жәрдемлести.
Өзбекстан ШБШ
дүзилген биринши күнлерден баслап оның ашық, блоклараралық ҳәм тынышлық сүйер
өз-ара бирге ислесиў платформасы сыпатында беккемленип атырғанын избе-из
қоллап-қуўатлап келмекте.
Геосиясий
ажыралыў бақланып атырған, исеним жетиспеўшилиги артып атырған,
келиспеўшиликлер күшейип атырған ҳәм халықаралық ҳуқықтың жемирилиўи шараятында
Жақын Шығыста сөйлесиўди қайта тиклеў ҳәм кескинликти азайтыў зәрүр екенлиги
және бир мәрте атап өтилди.
Өзбекстан
жетекшиси ШБШ алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпаларды көрсетип өтти.
"ШБШ-2040:
улыўма раўажланыў мәканы" концептуаллық көзқарасын ислеп шығыўға кирисиў
усыныс етилди.
- Оның тийкарғы
мақсети өз-ара байланыслы ҳәм турақлы мәканды қәлиплестириўден ибарат болыўы
керек, бул жерде инвестициялар, технологиялар ҳәм билимлер еркин алмасылады,
ири инфраструктуралық ҳәм санаат жойбарлары әмелге асырылады, аймақлар, бизнес
ҳәм адамлар арасындағы тиккелей байланыслар кеңейеди,-деди мәмлекетимиз
басшысы.
Бизнес,
инвесторлар ҳәм мәмлекетлик структуралар ушын универсал санлы айнада арнаўлы
экономикалық зоналар, өндирис процесслери, саўда базарлары ҳәм логистиканы
бирлестиретуғын ШБШ санаат кооперациясы картасын ислеп шығыў әҳмийетли бағдар
сыпатында көрсетип өтилди.
Биринши гезектеги
илажлар қатарында Ҳүкимет басшылары кеңеси тәрепинен ШБШ Раўажланыў банкин
әмелге асырыў ушын транспорт, энергетика, санаат кооперациясы ҳәм санлы
инфраструктура тараўларындағы жойбарлар портфелин таңлап алыўды баслаў мақсетке
муўапық екени атап өтилди.
ҚХР Баслығының
Жасалма интеллект тараўында бирге ислесиў бойынша пүткил жер жүзилик шөлкемди
шөлкемлестириў басламасын қоллап-қуўатлап, Өзбекстан жетекшиси ШБШны усы жаңа
технологиялық альянс пенен шерикликти жолға қойыўды усыныс етти. ШБШның Ашық
көп тилли мағлыўматлар корпусын қәлиплестириў ҳаққында қарар қабыл етиў
тәрепдары екенин билдирди. Сондай-ақ, жасалма интеллект ҳәм жаңа санлы шешимлер
бойынша ШБШ форумын өткериўге таяр екенлиги билдирилди.
Климатқа
байланыслы қәўип-қәтерлерге жуўап ретинде ШБШ шеңберинде азық-аўқат, суў ҳәм энергетика
қәўипсизлиги мәселелери бойынша бирден-бир күн тәртибин қәлиплестириў зәрүр
екенлиги атап өтилди. Оны алға қойыў ушын комплексли бағдарламалар,
технологиялар ҳәм алдынғы билимлер алмасыўын муўапықластыратуғын ШБШның
қәнигелескен механизмин жаратыў усыныс етилди.
Бул бағдардағы
қәдемлерден бири сыпатында ШБШның 2035-жылға шекем суў ҳәм энергетика
нәтийжелилиги тараўындағы технологиялық бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыў
режелестирилген.
Халықаралық
транспорт коридорларының кең тармақлы системасын қәлиплестириўди даўам еттириў
мақсетинде ШБШға ағза мәмлекетлердиң темир жол мәканларын интеграциялаў бойынша
кеңести шөлкемлестириў мақсетке муўапық екени атап өтилди.
Регионның
қәўипсизлиги ҳәм раўажланыўы ушын тийкарғы шәрт сыпатында Аўғанстанда тынышлық
ҳәм турақлылықты сақлаў атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен ШБШның Аўғанстан
ўәкиллери менен турақлы сөйлесиўин қайта тиклеў басламасы билдирилди.
Мәмлекетимиз
басшысы Ташкент қаласында Қәўипсизликке қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў
универсал орайы ҳаққындағы режениң қабыл етилиўи Шөлкемниң институционаллық
раўажланыўының жаңа басқышын баслап беретуғынына, оның нәтийжели жумысы ушын
барлық зәрүр шараятлар жаратылатуғынына исеним билдирди.
Халықларымыздың
дослық байланысларын және де беккемлеўди қоллап-қуўатлаў мақсетинде
2028-2030-жылларға мөлшерленген дәстүрий көркем өнер ҳәм материаллық емес
мәдений мийрасты сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша бирге ислесиў
бағдарламасын таярлаў усыныс етилди.
Сөзиниң
жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Пакистан Ислам Республикасының Бас министри
Шаҳбоз Шарифти Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылықты қабыл етип алғаны
мүнәсибети менен қутлықлады.
Мәжилис
жуўмағында ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды. Атап айтқанда, Бишкек
декларациясы, 2002-жыл 7-июньдеги ШБШ Хартиясына өзгерислер ҳәм қосымшалар
киргизиў ҳаққындағы протокол, Ядролық ҳәм физикалық ядролық қәўипсизлик жолында
көп тәреплеме шерикликти беккемлеў ҳаққындағы декларация, сондай-ақ, бирге
ислесиўдиң әҳмийетли тараўларындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге
қаратылған әҳмийетли ҳүжжетлердиң топламы қабыл етилди.