Дүньяның қырқтан аслам еллеринен келген белгили илимпазлар, абырайлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, мәденият ҳәм диний конфессиялардың ғайраткерлери қатнасып атырған бул әнжуманның Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында өткерилип атырғаны терең тарийхый ҳәм символикалық мәниге ийе. Бул ири халықаралық илаж дүнья жәмийетшилигиниң ислам цивилизациясына, оның бай руўхый, илимий ҳәм мәдений мийрасына қызығыўшылығы ҳәм итибарының артып баратырғанынан дерек береди.

Бүгинги күнде дүнья терең ҳәм жедел өзгерислер дәўирин басынан өткермекте. Инсаният илим ҳәм технологиялар тараўында теңсиз жетискенликлерди қолға киргизбекте, соның менен бирге, аўыр сынақ ҳәм машқалаларға да дус келмекте: келиспеўшиликлер ҳәм өз-ара исенимсизлик күшеймекте, бузғыншы идеялар, шыдамсызлық, экстремизм, исломофобия көринислери кеңнен тарқалмақта. Мәдениятлар, динлер ҳәм цивилизацияларды бир-бирине қарсы қойыў, түрли халықлардың үрп-әдет ҳәм дәстүрлери арасында қарама-қарсылық келтирип шығарыўға урыныўлар ҳәўиж алмақта.

Бундай қыйын жағдайда әзелден адамзаттың тыныш-татыў турмысы, аўызбиршилик ҳәм ағартыўшылыққа умтылыўы, избе-из раўажланыўы ушын беккем тийкар болып хызмет етип келген ийгиликли түсиниклер, соның ишинде, ислам қәдириятлары айрықша әҳмийетке ийе. Бәршемизге белгили, бул қәдириятлар әсирлер даўамында илимий раўажланыў, мәдений жоқарылаў ҳәм руўхый жетилисиўдиң қүдиретли дереги сыпатында дүнья санасының раўажланыўына шексиз үлес қосқан ҳәм улыўма инсаныйлық мийрастың ажыралмас бөлегине айланған.

Усы мәниде, 2017-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жоқары минберинен Өзбекстан алға қойған “Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық” деген концептуаллық идея әпиўайы, бирақ өзгермейтуғын бир ҳақыйқатты тастыйықлайды: бүгинги тыныш емес ҳәм қәўетерли дүньяда тек ғана илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм жоқары әдеп-икрамлылық қәдириятлар ғана жер жүзинде тынышлық, өз-ара түсинисиў, социаллық татыўлық ҳәм турақлы раўажланыў ушын исенимли тийкар бола алады.

Муқаддес ислам динимиз инсанды әзиз ҳәм қәдирли билип, ҳақыйқатлықты излеўге, илим-ағартыўшылыққа умтылыўға, илимий ашылыўлар ислеўге, дөретиўши мийнетке, билимлендириў, көркем өнер ҳәм мәдениятты раўажландырыўға илҳамландырып келеди.

Пүткил инсанияттың улыўма байлығы болған бул бийбаҳа мийраста регионымыздың да мүнәсип үлеси бар. Бул шексиз аймақ дүнья илиминиң, ағартыўшылықтың ҳәм мәнаўиятының тән алынған ири орайларынан бири болып есапланады. Әне усы теберик жерде әсирлер даўамында математика, астрономия, геодезия, медицина, химия, тарийх, философия, калам, ҳәдистаныў ҳәм басқа да көплеген илим тараўлары жоқары раўажланған. Атап айтқанда, уллы ўатанласларымыз – Муҳаммед Хорезмий, Аҳмад Фарғаний, Әбиў Райхан Беруний, Әбиў Әлий ибн Сино, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы, Бабур Мырза, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий, Бурҳаниддин Марғиноний сыяқлы уллы ойшыллардың бийбаҳа мийрасы дүнья ағартыўшылығы ғәзийнесинен мүнәсип орын ийелейди.

Елимиз тарийхында әмелге асырылған, Биринши ҳәм Екинши Ренессанс деп аталған уллы раўажланыў дәўирлеринде ерисилген бийбаҳа илимий-мәдений жетискенликлер ҳәзирги күнде де инсаниятты жаңа шеклерге қарай руўхландырып келмекте. Бүгинги күнде Жаңа Өзбекстан дүнья жәмийетшилиги менен биргеликте Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў жолынан исенимли бармақта.

Биз бул жаңа Ояныў дәўирин илим, инновациялар, заманагөй билимлендириў, жәмийеттиң руўхый-интеллектуаллық өсиўи, бай тарийхый мийрасымызға терең ҳүрмет ҳәм ҳәр бир инсанның дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыўға тийкарланған жаңа раўажланыў басқышы сыпатында көремиз.

Сонлықтан, елимизде ислам цивилизациясының бай ҳәм бийтәкирар мийрасын қайта тиклеў, қәстерлеп сақлаў, үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Бул системалы жумыслар, бәринен бурын, ислам мийрасын терең үйрениў, жоқары маман қәнигелерди таярлаў, фундаментал илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў, гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған. Бул процессте ислам цивилизациясының уллы ғайраткерлериниң өмири ҳәм жумысы менен байланыслы муқаддес зыярат етиў орынлары және тарийхый-мәдений комплекслерди қайта тиклеў ҳәм абаданластырыў бойынша мисли көрилмеген жумыслар әмелге асырылмақта.

Әсиресе, Самарқанд ўәлаятында уллы муҳаддис Имам Бухарий естелик комплексиниң қайта тиклениўи тек ғана мәмлекетимиз емес, ал пүткил мусылман дүньясында ең ири руўхый, илимий ҳәм ағартыўшылық орайлардан бири сыпатында тән алынып атырғаны бизди әлбетте қуўандырады. Әзелден уллы цивилизациялар, мәденият ҳәм динлер тутасқан Өзбекстан жери бүгинги күнде де түрли миллет ҳәм халықлар, диний конфессия ўәкиллери тынышлық, өз-ара исеним ҳәм аўызбиршилик орталығында жасайтуғын жақсылық үлкесине айланып бармақта. Мине, усы ашық-айдынлық, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик дәстүрлери мәмлекетлик сиясатымыздың тийкарғы принциплерин қурап, елимиздиң халықаралық гуманитарлық бирге ислесиў, мәдениятлар ҳәм цивилизациялар арасындағы қарым-қатнасты буннан былай да беккемлеў жолындағы умтылысларының мазмунын белгилеп бермекте.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Муқаддес Қураны кәримниң “Иқро!” яғный “Оқы!” деген мәңги шақырығы дүньядағы барлық жақсы нийетли инсанлардың бүгинги ҳәм келешек әўладлардың бахыт-ығбалын гөзлеп әмелге асырып атырған уллы ҳәрекетлери ушын жол көрсетиўши жулдыз ўазыйпасын атқарады. Арадан неше әсирлер өткенине қарамастан, бул илаҳий шақырыўдың терең мазмуны өз әҳмийетин жоғалтқан жоқ.

Керисинше, жедел өзгерислер ҳәм технологиялар мисли көрилмеген пәтлерде раўажланып атырған ҳәзирги дәўирде бул шақырық және де бәлент ҳаўазда жаңлап, әйне илим-ағартыўшылық, руўхый ҳәм интеллектуаллық раўажланыў жәмийет раўажланыўының шешиўши күши екенин пүткил инсаниятқа еслетип тур.

Бул мүбәрек сөз Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының тийкарғы дәрўазасының алдына жазылған болып, оның уллы мақсети – ислам цивилизациясының бийбаҳа мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм терең үйрениў, сол тийкарда дүнья халықлары арасында дослық ҳәм бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме беккемлеўдей уллы миссиясын анық белгилеп береди. Биз ушын бул Орай халқымыздың тарийхый ядының белгиси, уллы ата-бабаларымыздың мийрасына болған терең ҳүрметтиң көриниси, соның менен бирге Жаңа Өзбекстанның келешекке қаратылған күшли умтылысының айқын тымсалы болып есапланады.

Соның менен бирге, ол ашық интеллектуаллық мәкан болып, өз өмирин илимди раўажландырыў, улыўмаинсаныйлық қәдириятларды сақлаў ҳәм келешек әўладларға зыянсыз жеткериўге бағышлаған дүньядағы барлық ағартыўшы инсанларды, илимпаз ҳәм изертлеўшилер, диний ғайраткер ҳәм қәнигелерди бирлестириўге хызмет етеди.

Итибарлы тәрепи сонда, Орай қысқа ўақыт ишинде өтмиш пенен келешекти, Шығыс пенен Батысты, әййемги дәстүрлер менен заманагөй илимий жетискенликлерди өз-ара байланыстыратуғын интеллектуаллық көпирге айланды. Сонлықтан, биз Ислам цивилизациясы I халықаралық форумын ҳәр қыйлы мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер, илимий орайлар, университетлер ҳәм музейлер, китапханалар ҳәм изертлеў институтларының интеллектуаллық потенциалын бирлестиретуғын глобаллық бирге ислесиўдиң жаңа басқышы деп баҳалаймыз ҳәм бул бағдарда биргеликтеги ҳәрекетлер бағдарламасының қабыл етилиўине үмит билдиремиз.

Өзбекстан халықаралық шериклер менен әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбар ҳәм басламаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға бәрқулла таяр. Буның ушын Ислам цивилизациясы орайында фундаменталлық илимий изертлеўлер өткериў, халықаралық форум ҳәм конференциялар шөлкемлестириў, биргеликтеги басылымлар таярлаў, билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў және дүньяның жетекши илимий ҳәм мәдений орайлары менен кең көлемли гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылған.

Биз илим ҳәм ағартыўшылық заманымыздың ең уллы бирлестириўши күши екенине, оның дөретиўшилик тийкары, тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўдың беккем тырнағы болып қалатуғынына беккем исенемиз ҳәм бәршеңизди усы ийгиликли мақсет жолында бирге ислесиўге шақырамыз.

 Ҳүрметли дослар!

Форум шеңберинде тарийхый Самарқанд ҳәм Термиз қалаларында уллы бабаларымыздың илимий мийрасына бағышланған әнжуманлар болып өтеди, онда сизлер елимизде руўхый-ағартыўшылық қәдириятларды тиклеў ҳәм қәстерлеп сақлаў, тынышлық ҳәм кеңпейилликти беккемлеў, Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды өзиңиз көриўиңиз мүмкин. Мийнеткеш ҳәм миймандос халқымыз бенен болажақ ашықтан-ашық ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер сизлерди жаңа илимий излениўлерге, көркем шығармалар, мәдений-гуманитарлық жойбарлар жаратыўға руўхландырады, деп исенемен.

Бәршеңизди және бир мәрте қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, мақтанышлы жумысыңызда жаңа жетискенликлер, форум жумысына табыслар тилеймен.

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти