Ушырасыўда Түркия Республикасы Қураллы күшлериниң жоқары
мәртебели ўәкили де қатнасты.
Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў
шеңберинде еки мәмлекет қорғаныў уйымлары арасындағы бирге ислесиўди буннан
былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Әскерий-техникалық бирге ислесиўдиң пәти, соның ишинде,
уйымлараралық байланыслардың кеңейип атырғаны, қоспа илажлар шөлкемлестирилип
атырғаны ҳәм әскерий қәнигелер таярланып атырғаны айрықша атап өтилди.
Әскерий тараўдағы шерикликти буннан былай да беккемлеў
бағдарындағы умтылыслар исенимли екени атап өтилди.