Мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм келешеги билимли, интакер, илимге қуштар жаслардың потенциалы менен тығыз байланыслы. Соның ушын студентлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олар ушын қәўипсиз ҳәм заманагөй орталық жаратыў, билимлендириў мәкемелери ҳәм студентлер қалашаларында басқарыў системасын санластырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 5-январь күни қол қойылған "Республикамыз мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў бағдарында мәнзилли жумыслардың бир пүтин системасын енгизиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары буның әҳмийетли ҳуқықый тийкары болып хызмет етпекте.

Бул ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде "Ёшлик" студентлер қалашасында санлы технологиялар тийкарында ислейтуғын ситуациялық орай шөлкемлестирилди. Орай студентлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў, аймақтағы социаллық орталықты реал ўақыт режиминде мониторинг етиў, қатнасыўшыларды қадағалаў, сондай-ақ, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған комплексли система сыпатында жумыс алып барады.

Улыўма майданы 1 368 квадрат метр болған "Ёшлик" студентлер қалашасы ҳәкимлиги имараты 2024-жылы қурылған. Оны толық оңлаў, ситуациялық орай шөлкемлестириў ҳәм аймағын абаданластырыў ушын 33 миллиард сум қаржы жумсалды.

Ҳәзирги ўақытта имаратта ситуациялық орайдан тысқары стартап орайы, жоқары билимлендириў тарийхы музейи, Жаслар ислери агентлигиниң районлық бөлими, ҳаял-қызлар исбилерменлиги орайы жайласқан.

Жағдай орайы "Ёшлик" студентлер қалашасы аймағындағы 41 студентлер турақ жайын қамтып алған. Бул система арқалы 75 мыңға шамалас студенттиң, соның ишинде, жатақханаларда жасап атырған 17,5 мың жигит-қыздың қәўипсизлиги тәмийинленбекте. Сондай-ақ, системада оқыўшылардың даўамлылығын қадағалаў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў имканияты жаратылған.

Орай 17 мәлимлеме системасы менен интеграцияланған. Бул бирден-бир санлы платформа арқалы түрли мағлыўматларды жедел таллаў ҳәм жағдайға қарап зәрүр илажлар көриў имканиятын береди.

Сапар шеңберинде мәмлекетимиз басшысына студентлер қалашасындағы қәўипсизлик ҳәм социаллық орталықты реал ўақыт режиминде мониторинг етиў имканиятлары, ситуациялық орайдың жумыс ислеў принциплери ҳаққында презентация өткерилди.

Президент Шавкат Мирзиёев усы система арқалы студент-жаслар менен системалы ислесиў, оларды қыйнап атырған мәселелерди жедел шешиў бойынша усыныслар берди.

Жуўапкерлерге бул тәжирийбени республикамыздың басқа студентлер турақ жайларында да енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.