Мәмлекетимиз басшысы бүгин дүнья тез пәт пенен өзгерип атырғаны, санлы технологиялар, заманагөй гаджетлер ҳәм жасалма интеллект турмысымызға барған сайын терең кирип атырғанын атап өтти. Бундай қыйын шараяттағы ең әҳмийетли тәрепи инсанның еркин пикирлей алыўы болып есапланады.

 

- Китап оқыған инсан терең ҳәм саламат пикирлеўи менен ажыралып турады. Мине, усындай сана-сезимге ийе болған инсан жәмийетти өзгертиўге уқыплы, - деди Президент.

 

Жаңа Өзбекстанда китапқумарлық, китапқа итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип атырғаны атап өтилди. Китапқа муҳаббат тек ғана билимлендириў мәселеси емес, ал миллет келешегин, халқымыздың руўхый күшин, мәмлекеттиң бәсекиге шыдамлылығын белгилейтуғын әҳмийетли фактор болып есапланады.

 

Мәмлекетимиз басшысы уллы бабаларымыз - Имам Бухарий, Муҳаммед Хорезмий, Аҳмад Ферғаний, Әлийшер Наўайы, Мырза Улығбек ҳәм басқа да ойшыллардың адамзат цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқанын атап өтти. Олардың жоқары шеклерге ерисиўинде тийкарғы дәрек илимге умтылыў ҳәм китап оқыў еди.

 

Мәмлекетимиз халықаралық майданда өзин жоқары потенциалға ийе күшли мәмлекет сыпатында таныта алыўы ушын еки беккем тийкарға сүениўи керек. Бул бизиң бийбаҳа илимий ҳәм мәнаўий мийрасымыз, заманагөй билим ҳәм алдынғы технологиялар болып есапланады.

 

Президентимиз өзиниң дәслепки жумыс күнлеринен баслап жасларды китап оқыўға қызықтырыў, оларда китапқумарлық ҳәм илимге қызығыўшылық қәлиплестириўге тийкарғы әҳмийет қаратып атырғанын атап өтти. 2017-жылдан берли өткерилип киятырған "Жас китапқумар" таңлаўы миллионлаған жасларды китапқа қамтып алыў имканиятын берди. "Жас китапқумар шаңарақ" таңлаўы ҳәр бир шаңараққа китапқумарлық мәдениятын сиңдириўге хызмет етеди.

 

Усы жылдың басында қабыл етилген қарар тийкарында ең белсенди китапқумарларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа система енгизилди. Күни кеше "Жас китапқумар" таңлаўының гезектеги республикалық басқышы жуўмақланды, онда мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан ең билимли 42 жигит-қыз қатнасып, өзлериниң қәбилет ҳәм потенциалын көрсетти. Таңлаў жеңимпазларының үшеўи Президент саўғасы - заманагөй автомобильлер менен сыйлықланды.

 

Мәмлекетимиз басшысы жеңимпазларды, олардың устазлары ҳәм ата-аналарын қызғын қутлықлап, мине усындай талантлы, интакер ҳәм билимге қуштар жаслар Жаңа Өзбекстанның ҳақыйқый таянышы екенин атап өтти.

 

Мәресимде китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў бойынша халықаралық тәжирийбеге итибар қаратылды. Атап айтқанда, 2015-жылы Бирлескен Араб Әмирликлеринде Шайх Муҳаммад бин Рашид Ол Мактум тәрепинен басланған "Араб китабы челленджи" бағдарламасы бүгинги күнде дүньядағы ең ири ағартыўшылық ҳәрекетлеринен бирине айланғаны атап өтилди. Қысқа ўақыт ишинде бул баслама 200 миллионнан аслам оқыўшыны қамтып алды.

 

Өзбекстан ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери арасындағы жақын дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары шеңберинде бул ийгиликли идеяны миллий руўхый мийрасымыз тийкарында елимизде жаңа басқышқа алып шығыўға қарар етилди.

 

Усы мақсетте "Улыўмахалықлық китапқумарлық ҳәрекети" бағдарламасы басланбақта. Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарламаны мәмлекет тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша күни кеше айрықша бийлик қабыл етилгенин атап өтти.

 

Енди бул илаждың жуўмақлаўшы басқышы ҳәр жылы Президент дәрежесинде өткериледи. Бағдарламаның улыўма жыллық сыйлық қоры 240 мың долларды қурайды. Бас сыйлықтың ийеси 50 мың долларға ийе болады. Бул елимиз тарийхында китапқумарлықты қоллап-қуўатлаў тараўындағы ең үлкен сыйлық болады.

 

Бул ҳәрекет барлық аймақларды қамтып алады. Онда улыўма билим бериў мектеплериниң 1-11-класс оқыўшылары қатнасыўы мүмкин.

 

Президентимиз бул баслама мектеплерде, шаңарақларда ҳәм пүткил жәмийетте китапқумарлық мәдениятын беккемлеў, жасларда жаңаша дөретиўшилик руўхын оятыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

 

- Мен бул бағдарламаны тек ғана китап оқыў жарысы емес, ал Ўатанымыз келешегине қаратылған стратегиялық инвестиция сыпатында қабыл етемен. Егер бүгин балаларымыздың қолына жақсы китап беретуғын болсақ, олар ертең, әлбетте, Жаңа Өзбекстанның уллы келешегин қурыўға уқыплы болады, - деди мәмлекетимиз басшысы.

 

Мәресимде Президентимиз барлық мектеп оқыўшылары, муғаллимлер, ата-аналар ҳәм кең жәмийетшиликти улыўма миллий ҳәрекетте белсене қатнасыўға шақырды.

 

Китап оқып, изленген, уллы идеяларға бөленген миллет ҳеш қашан жеңилмейтуғыны атап өтилди. Ағартыўшы ата-бабаларымыздың "Илимнен басқа жол жоқ ҳәм болыўы да мүмкин емес" деген идеясын улыўма миллий көлемде әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.