Қоңырат районы аймағынан өтиўши 95v144 “D231” автомобиль жолы (4 км.ден) – Рәўшан АПЖ-Сексеўилсай АПЖ автомобиль жолының 0-1 километри аралығында асфальт төселмекте. Бул жумыслар Қоңырат районы Жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик мәкемеси тәрепинен әмелге асырылмақта.

Бул әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжесинде аймақта жол инфраструктурасы жақсыланып, халықтың ҳәм транспорт қатнаўы ушын қолайлықлар жаратылады ҳәм ҳәрекет қәўипсизлиги және де жақсыланады.

Мағлыўмат ушын, усы қарар менен Республика аймақларын жедел комплексли раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип 16 район (қала)да санаат өндириси көлемин орташа 7-8 процентке, базар хызметлери көлемин 15-17 процентке, аўыл хожалығы өндириси көлемин 4-5 процентке турақлы өсиўин тәмийинлеў, жумыссызлық дәрежесин 4-5 процентке, кәмбағаллық дәрежесин 5-6 процентке азайтыў, соннан Қоңырат районын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў, халықтың жасаўы ҳәм исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараят жаратыў белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.