Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-январьдағы “Төменги буўында суў ресурсларын басқарыў системасын жетилистириў ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тараўда жаңа басқышты баслап берди. Онда суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм фермерлерди бул процесске жедел тартыў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленген.

Усы ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында да суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усы жылы республикамызда жәми 44 мың 183 гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў режелестирилген. Бағдарлама шеңберинде 4 мың 680 гектар жер майданын көшпели ийилиўшең қубырлар арқалы суўғарыў белгиленген болып, бүгинги күнге шекем 51 мың 849 гектар майданда усы технология әмелиятқа енгизилди. Сондай-ақ, 7 мың гектар майданды тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў, 560 гектарын болса дискрет, 2 мың гектардан аслам майданды плёнка төсеў ҳәм 33 мың гектар майданды лазерли тегислеў технологиясын енгизиў арқалы суўды үнемлеў режелестирилген.

Республикамызда фермер хожалықлары тәрепинен көшпели ийилиўшең қубырларды сатып алыў ҳәм енгизиў жумыслары избе-из даўам етпекте. Ҳәзирги ўақытқа шекем жәми 260 комплект көшпели ийилиўшең қубыр ушын шәртнамаларға қол қойылғаны бул технологияға қызығыўшылық ҳәм талап жоқары екенлигин көрсетеди.

Аймақлар кесиминде алып қарағанда, Төрткүл районына 24 комплект, Әмиўдәрья районына 26 комплект, Елликқала районына 21 комплект, Хожели районына 20 комплект, Тақыятас районына 14 комплект, Шоманай ҳәм Шымбай районларына 17 комплект, Кегейли районына 13 комплект, Қанлыкөл, Қоңырат ҳәм Нөкис районларына 10 комплекттен ҳәм басқа да районларға мүтәжликке қарап көшпели ийилиўшең қубыр жеткерип берилди.

Бул үскенелер жергиликли санаат кәрханалары – “Бехруз – Иманали,” “Drip irrigation world,” “Искандарнинг орзулари,” “ПМ-Равон,” “Asian plastic products”, “Рустам пластекс” ЖШЖ ҳәм “Жиззахпластмасса” кәрханасы менен биргеликте жеткерип берилмекте. Бул болса суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў менен бирге жергиликли өндиристи қоллап-қуўатлаўға да хызмет етпекте.

Беруний районының тәжирийбеси бул қатнастың әмелий нәтийжелерин айқын көрсетпекте. Бул жерде суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм суўғарыў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бир қатар фермер хожалықларында көшпели ийилиўшең қубырлардан пайдаланыў жолға қойылған.

– Республикамызда суў тамтарыслығының алдын алыў мақсетинде суўды үнемлеў технологияларын енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта, – дейди Беруний районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемеси директорының орынбасары Эргаш Еркебаев. – Беруний районында 400 гектар пахта майданы ҳәм 60 гектар бағларда тамшылатып суўғарыў технологиясынан, 300 гектар майданда болса жәми 7 фермер хожалығы тәрепинен ийилиўшең қубырлардан нәтийжели пайдаланылмақта.

– Мениң фермер хожалығым пахта-ғәллеге қәнигелескен. Быйыл 20 гектар майданға ийилиўшең қубыр алдық, – дейди Дослық АПЖда жайласқан “Жавоҳир-Бегзод” фермер хожалығының басшысы Илҳам Таджиев. – Ийилиўшең қубырлар арқалы суўды үнемлеўден тысқары суўғарыў процесслеринде инсан факторының азайыўына ерисилди. Бул жаңа технологияны қолланыў суўды 30 процентке шекем үнемлеп, тамырға тиккелей азықлық бериў арқалы өнимдарлықты 60 центнерге шекем арттырыў нийетиндемиз. Жерлеримиз жүз процент лазерленгени себепли ийилиўшең қубырлардағы суў жерлеримизге бир тегис жетип бармақта.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, ийилиўшең қубырлардың тийкарғы абзаллығы суўды тиккелей атыздың керекли жерине жеткерип бериўинде көринеди. Нәтийжеде суўдың жерге сиңип кетиўи ямаса салмалар арқалы сиңип кетиўи кескин азаяды. Бул болса суўдан пайдаланыў коэффициентин арттырыў менен бирге, суўғарыў процесиниң сапасын да жақсылайды.

Және бир әҳмийетли тәрепи – егинлердиң бир қәлипте суў менен тәмийинлениўи болып есапланады. Әсиресе, пахта сыяқлы суў тәртибине талапшаң егинлерде бул фактор өнимдарлыққа тиккелей тәсир көрсетеди. Соның ушын ийилиўшең қубырлар тек ғана суўды үнемлеў емес, ал жоқары зүрәәт алыўдың да әҳмийетли қуралы сыпатында қаралмақта.

Ең әҳмийетлиси, бундай технологиялардың кеңнен енгизилиўи суў тамтарыслығы шараятында да аўыл хожалығы өндирисиниң турақлылығын тәмийинлеў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў және азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўге мүнәсип үлес қосады.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.