Онда Нөкис қаласы ҳәм Хожели районы ҳәкимликлериниң,
шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар, жаслар ислери бөлимлериниң ўәкиллери, мәкан пуқаралар
жыйынларының баслықлары, туризм бизнеси ўәкиллери, жәмийетлик шөлкемлер, ғалаба
хабар қураллары, жойбар қатнасыўшылары арасында мәсләҳәт ушырасыўы
шөлкемлестирилип, туризмди турақлы раўажландырыў, жергиликли турғынлардың
талапларын ҳәм келешектеги бирге ислесиў перспективаларын додалады.
Ушырасыўды «DMO Karakalpakstan» жәмийетлик
бирлеспесиниң директоры М.Қосназаров ашып берип, жаслардың ҳәм ҳаял-қызлардың Қарақалпақстанда
турақлы туризмди раўажландырыўға қаратылған басламаларын қоллап-қуўатлаў әҳмийетли
екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, жойбардың мақсети, өткерилген оқыў
тренинглердиң ҳәм бизнес идеялар таңлаўының нәтийжелери ҳаққында мағлыўматлар
берилди.
Ушырасыўда қатнасыўшылар жаңа туризм басламаларын
әмелге асырыў ҳәм регионның туристлик тартымлылығын арттырыў ушын мәмлекетлик
ҳәкимият уйымлары, бизнес ҳәм жәмийетшиликтиң ҳәрекетлерин бирлестириў
әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.