Сапар бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, олар даўамында көп қырлы Өзбекстан-Чехия бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў перспективалары көрип шығылады.

Өз-ара саўданы көбейтиў, машина қурылысы, "жасыл" энергетика, химия, фармацевтика ҳәм транспорт тараўларында кооперацияны тереңлестириў дыққат орайында болады. Мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери додаланады.

Халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер, соның ишинде, көп тәреплеме майданларда бир-бирин қоллап-қуўатлаў бойынша да пикир алысылады.

Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойылыўы нәзерде тутылмақта.

Сапар бағдарламасы шеңберинде Бас министр Андрей Бабиш Өзбекстан-Чехия бизнес форумында да қатнасады.