Антонелла Бассани мәмлекетимиз басшысына Жәҳән банки президенти Аджай Банганың сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған структуралық реформалардың тийкарғы бағдарларында Жәҳән банки топары менен стратегиялық бирге ислесиўди кең көлемде раўажландырыў мәселелери додаланды.

Кейинги жылларда бул глобаллық финанс институты менен еки тәреплеме бирге ислесиў ҳәм конструктивлик шерикликте мисли көрилмеген дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Банк президенти менен өткен жылы сентябрь айында Нью-Йорк қаласында ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлер избе-из әмелге асырылмақта.

Биргеликтеги жойбарлар портфели 15 миллиард доллардан артты. Ташкент қаласында Банктиң регионаллық офиси табыслы жумыс алып бармақта. Жаңа қаржыландырыў қураллары нәтийжели енгизилмекте.

Банк жоқары басшылығының усы жылы болажақ сапарлары ҳәм биргеликтеги илажларға пуқта таярлық көриў әҳмийетли екени атап өтилди.

Социаллық-экономикалық раўажланыўдың талап жоқары болған тараўларында бирге ислесиў бойынша жаңа узақ мүддетли Мәмлекетлик бағдарламаны қәлиплестириў режелери қоллап-қуўатланды.

Киши ҳәм орта исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў илажларын әмелге асырыў, мәмлекетлик кәрханаларды меншиклестириў бағдарламаларын биргеликте алға қойыў, экономика тармақларында жасалма интеллектти енгизиў бойынша Банк топарының қуралларынан пайдаланыўды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Тийкарғы бағдарлар қатарында суў тараўын қаржыландырыў, инсан капиталын раўажландырыў, Өзбекстанның дүнья рейтинглериндеги орнын жақсылаўға жәрдемлесиў мәселелеринде де тығыз бирге ислесиў атап өтилди.