Пайтахт аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қазақстан
Республикасының Бас министри Олжас Бектенов ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип
алды.
Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан жетекшиси 22-апрель
күни Регионаллық экология саммитинде ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қорының
шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде қатнасады.