Мәмлекетимизде инсан мәплерин тәмийинлеў, халықты социаллық қорғаў, жәмийетте мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Бул принциплер, әсиресе, халқымызға тән ийгиликли пазыйлетлерди өзинде жәмлеген мүбәрек Қурбан ҳайыты күнлеринде айқын көзге тасланады.
Презентацияда Өзбекстан мусылманлары басқармасы, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, "Вақф" қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен ислеп шығылған усыныслар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Оларда Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен кең көлемли илажлар өткериў нәзерде тутылған.
Соның ишинде, аўыр ҳәм майыплыққа алып келетуғын кеселликлерге шатылған 10 мың балада хирургиялық операциялар, онкологиялық, гематологиялық ҳәм онкогематологиялық диагнозларға ийе 2,3 мың наўқасты медициналық тексериўден өткериў, емлеў ҳәм хирургиялық араласыўлар, кеминде 350 адамда баўыр ҳәм бүйрек трансплантациясы бойынша операциялардың қәрежетлерин қаплаў нәзерде тутылған.
Социаллық қорғаўға мүтәж балаларды қоллап-қуўатлаўға да айрықша итибар қаратылады. 8 мыңнан аслам жетим ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалар, Ўатан шегараларын қорғаўда қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң перзентлериниң аманат есап бетлерине 200 доллардан өткерип бериў режелестирилген.
Буннан тысқары, халыққа қолайлы шараят жаратыў мақсетинде 500 мешит реконструкцияланады ямаса оңланады, заманагөй таҳаратханалар қурылады, орынлардағы қойымшылықлар абаданластырылады.
Мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақлар, өзгелердиң күтимине мүтәж жалғыз баслы ҳәм жалғыз кекселер, майыплығы болған шахслар азық-аўқат топламлары менен тәмийинленеди.
Бул илажлар "Вақф" қайырқомлық фондына ажыратылатуғын 690 миллиард сум қаржы есабынан қаржыландырылады.
Соның менен бирге, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары ушын қайырқомлық дастурханларын жайыў, зыярат етиў орынлары ҳәм диний билимлендириў мәкемелеринде қурбанлық етиў режелестирилген.
Президентимиз мүтәжлерди қоллап-қуўатлаў, наўқасларды емлеў, балаларға жәрдем бериўге байланыслы илажлар ашық-айдын ҳәм мәнзилли шөлкемлестирилиўи керек екенлигин атап өтип, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.