Сөйлесиў алдында Өзбекстан басшысы Дональд Трампты АҚШ ғәрезсизлигиниң
250 жыллығы менен және бир мәрте қутлықлады.
Президент Трамп, өз гезегинде, Өзбекстан - АҚШ қатнасықлары мисли
көрилмеген дәрежеге шыққанын, еки мәмлекет жетекшилери арасында тығыз, исенимли
сөйлесиў орнатылғанын атап өтти.
Жоқары дәрежеде ерисилген барлық келисимлер избе-из әмелге асырылып
атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди, сондай-ақ, стратегиялық шериклик
қатнасықларын және де раўажландырыў перспективалары көрип шығылды.
Өз-ара бирге
ислесиўдиң дерлик барлық бағдарларын қамтып алған еки тәреплеме сөйлесиў ҳәм
алмасыўлардың жедел пәтине жоқары баҳа берилди.
Үш жыллық Экономикалық
бирге ислесиў бағдарламасы избе-из әмелге асырылмақта. Америка - Өзбекстан
исбилерменлер ҳәм инвестициялар кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.
Өзбекстан аймақлары ҳәм Америка Қурама Штатлары арасындағы байланыслар
кеңеймекте. АҚШ пуқаралары ушын визасыз тәртип енгизилиўи исбилерменлик
байланысларын жеделлестириўге хызмет етеди.
Пуқаралық
авиациясы, автомобиль қурылысы, таў-кән санааты, инфраструктура, энергетика,
металлургия, жасалма интеллект, санлы технологиялар ҳәм басқа да тармақларда
биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.
Халықаралық әҳмийетке
ийе мәселелерди додалаў шеңберинде глобал қәўипсизликти тәмийинлеў, халықаралық
ҳәм регионаллық келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў бойынша ҳәрекетлерди
даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Жетекшилер
болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин де көрип шықты.
Сөйлесиў соңында
Президент Шавкат Мирзиёев Президент Дональд Трампты өзи ушын қолайлы ўақытта
рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келиўге мирәт етти.