Ушырасыў алдынан Бо Ли мәмлекетимиз жетекшисине ХВФ басқарыўшы директоры Кристалина Георгиеваның қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Жәҳән финанс базарларының ҳәзирги жағдайы ҳәм раўажланыў перспективалары додаланды.
Бул абырайлы халықаралық институт пенен әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын, өткен жылы сентябрь айында Нью-Йорк қаласында ХВФ басшысы менен ушырасыўда ерисилген келисимлер шеңберинде және де беккемлеўдиң әҳмийетли тәреплери көрип шығылды.
Мәмлекетимизде пул-кредит, валюта ҳәм фискал сиясатты жетилистириў сыяқлы бағдарлардағы кең көлемли реформаларды әмелге асырыўда Қордың әҳмийетли орны атап өтилди.
Макроэкономикалық сиясат ҳәм санлы төлемлер стратегиясын раўажландырыў, капитал ҳәрекетин либералластырыў, миллий статистика ҳәм мәмлекетлик дәраматларды басқарыў методологиясын жетилистириў, еркин алмасыў курсын қоллап-қуўатлаў бойынша экспертлик-техникалық жәрдемди күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиздиң экономика уйымлары ушын кадрлар таярлаў бағдарламаларын кеңейтиў мәселесине айрықша итибар қаратылды.