Илажда, сондай-ақ, Албания Республикасы Президенти Байрам Бегай, Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустин, Әзербайжан Республикасы Бас министри Али Асадов, Беларусь Республикасы Бас министри Александр Турчин, Қазақстан Республикасы Бас министри Олжас Бектенов, Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң Баслығы - Президент Администрациясының басшысы Адилбек Қасималиев, Тәжикстан Республикасы Бас министри Қоҳир Расулзода, Жаңа раўажланыў банкиниң басшысы Дилма Русеф ҳәм басқа да көп тәреплеме қаржы институтлары, сырт ел банклери, глобал корпорациялар, ең ири компаниялар, инвестициялық фондлар ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнасты.

100 ден аслам мәмлекеттен 10 мыңнан аслам делегат ҳәм қатнасыўшыларды бирлестирген форум оның халықаралық майдандағы абырайы артып атырғанын, дүнья жәмийетшилигиниң Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларға исеними күшейип атырғанын және бир мәрте тастыйықлады.

Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан халықаралық инвесторлар менен тең ҳуқықлы ҳәм өз-ара пайдалы шериклик ушын ашық екенин атап өтти.

Жәҳән экономикасы процесслериниң жедел трансформациясы ҳәм бәсекиниң күшейиўи шараятында исбилерменлердиң ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, турақлы экономикалық өсиў ҳәм кең имканиятларды тәмийинлей алатуғын мәмлекетлер барған сайын талап етилип атырғаны атап өтилди.

Усы мәниде, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған избе-из реформалар ҳәзирдиң өзинде анық нәтийжелер бермекте. Өткен жылдың жуўмақларына бола, мәмлекетимиз экономикасы 7,7 процентке өсип, усы жылы жалпы ишки өним көлеми 180 миллиард доллардан артыўы күтилмекте. Тартылған инвестициялардың көлеми 43 миллиард долларға жетти.

Үлкен жетискенлик - макроэкономикалық турақлылық беккемленип, миллий валютаның турақлылығы сақлап қалынды, халықаралық резервлер 70 миллиард доллардан артты.

Өткен жыллар даўамында Өзбекстан экономикасына 150 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициялары тартылған болып, соннан 123 миллиард доллардан асламы соңғы бес жылға туўра келеди.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз халықаралық рейтинглерде, соның ишинде, Экономикалық еркинлик индексинде өз орнын беккемлеўди даўам еттирмекте, ол биринши мәрте "еркин экономикалық орталықтағы" мәмлекетлер категориясына кирди.

Быйылғы форумның темасы "Инвестициялық турақлылық: жаңа шеклер ҳәм жаңа шериклик" етип белгиленген. Мәмлекетимиз басшысы инвестициялық орталықты турақлы раўажландырыў мәмлекеттиң узақ мүддетли мақсетлерине ерисиўдиң әҳмийетли шәрти екенин атап өтти.

Усы мәниде, инвестициялық бирге ислесиўди және де тереңлестириў, бизнес жүргизиў ушын заманагөй экосистеманы жаратыўдың алты тийкарғы бағдары көрсетип өтилди.

Биринши тийкарғы бағдар сыпатында инвесторлар ушын ҳуқықый кепилликлер системасын және де күшейтиў көрсетип өтилди.

Өзбекстанда өзине тән ҳуқықый режимге ийе жаңа институтционаллық платформаға айланатуғын Ташкент халықаралық финанс орайы шөлкемлестирилмекте.

Орай қатнасыўшылары ушын салық ҳәм бажыхана жеңилликлери, еркин капитал ҳәрекети кепилликлери ҳәм ҳәр қандай валютада есап-санақ етиў имканияты нәзерде тутылған. Орайдың инфраструктурасы еркин финанслық регулятор, санлы активлер ҳәм "жасыл" қаржыландырыў системасын өз ишине алады.

Сондай-ақ, сырт елли судьялар ҳәм сырт елли экспертлердиң қатнасыўында халықаралық арбитраж ҳәм коммерциялық суд механизмлерин енгизиў, БМШтың "Медиция ҳаққында"ғы Сингапур конвенциясына қосылыў режелестирилген.

- Бул илажлардың нәтийжесинде инвесторлар тиккелей Өзбекстанның өзинде кепилликли халықаралық ҳуқықый қорғаўға ийе болады,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Сөйлеўдиң айрықша блоги капитал базарын жедел раўажландырыў ҳәм заманагөй финанслық инструментлер қатарын кеңейтиў мәселелерине бағышланды.

Кейинги жыллары Өзбекстан халықаралық базарларда 16 миллиард доллардан аслам облигацияларды жайластырды, сондай-ақ, Лондон фонд биржасында бес жылдағы ең ири IPOны әмелге асырды.

Жаңа компанияларды халықаралық капитал базарларына шығыўға таярлаў даўам етпекте, сондай-ақ, альтернатив инвестиция қуралларын, соның ишинде, капитал базары ҳәм инвестиция фондлары ҳаққындағы нызамларды раўажландырыў ушын ҳуқықый тийкарлар қәлиплестирилмекте.

Мәмлекет экономикасына үлкен көлемдеги инвестицияларды тартыўдың қосымша дәреги болыўы зәрүр болған суверен ислам облигацияларын (сукук) раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Кейинги стратегиялық бағдар сыпатында жоқары қосымша қун шынжырларын кеңейтиўге инвестициялар тартыў белгиленди.

Санааттың барлық тармақларында жаңа технологиялық басқышқа өтиў бойынша үлкен бағдарламалар басланды.

Жақын жылларда жоқары технологиялық санаат өнимлериниң көлемин 2,5 еседен аслам арттырыў режелестирилген.

Химия санааты, машина қурылысы ҳәм робототехника, жеңил санаат, қурылыс материаллары, электротехника ҳәм фармацевтика сыяқлы "драйвер" тармақларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарлардың улыўма инвестициялық потенциалы онлаған миллиард долларға баҳаланбақта.

- Сизлердиң "жаңа экономика" тармақларындағы басламаларыңызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таярмыз, - деди Президент.

Мәмлекетимиз жетекшиси баҳасы 3 триллион долларға баҳаланып атырған ең әҳмийетли минераллардың тәбийғый-шийки зат базасы ҳәм сырт ел инвесторларының қатнасыўында "Келешек металлары" технопарклеринен нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлигин атап өтти.

"Жасыл" энергетика ҳәм жасалма интеллект тараўларындағы шерикликти беккемлеў де тийкарғы бағдарлар қатарына киреди.

Жақын келешекте елимиздиң энергетика балансында қайта тиклениўши энергияның үлеси 54 процентке жеткериледи. Соның менен бирге, энергияны сақлаў системалары, электр тармақларын модернизациялаў, таза энергияға тийкарланған дата-орайларды шөлкемлестириў де раўажландырылады.

Жасалма интеллектти раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылған. Жасалма интелектити енгизиў бойынша миллий стратегия шеңберинде билимлендириў, мәмлекетлик хызметлер ҳәм бизнести санлы трансформациялаў бойынша кең көлемли бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстанда жасалма интелек жойбарлар ҳәм дата-орайлар ушын айрықша инвестиция шараятлары ҳәм жеңиллетилген салық режими менен арнаўлы зона шөлкемлестирилмекте.

Айрықша ҳуқықый режимге ийе болған Өзбекстан халықаралық санлы технологиялар орайын иске қосыў бойынша избе-из жумыс алып барылмақта.

Сырт елли экспертлердиң есап-санақларына бола, бул тараўда қосымша қун жаратыў имканияты кеминде 10 миллиард долларды қурайды.

- Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз - жасалма интеллект жәрдеминде халықтың барлық қатламларының турмысын жақсылаў, билимлендириў, мәмлекетлик хызметлер ҳәм бизнес процесслеринде оннан кеңнен пайдаланыў,-деди Президент.

Шығып сөйлеген сөзинде регионаллық транспорт ҳәм логистика байланыслылығын буннан былай да раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан шериклер менен биргеликте ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырмақта, соның ишинде, "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" стратегиялық темир жолын қурыў, Трансаўған коридорын жаратыў ҳәм Орта коридор маршрутын раўажландырыў жойбарлары әмелге асырылмақта.

- Бул жойбарларды толық әмелге асырыў арқалы Азия ҳәм Европаны байланыстыратуғын транспорт магистраллары тармағына қосылыў имканиятына ийе боламыз,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Сондай-ақ, авиация ҳәм логистика тараўында ири жойбарларды әмелге асырыў, соның ишинде, жылына 20 миллион жолаўшыға хызмет көрсетиўге мөлшерленген жаңа Ташкент халықаралық аэропортын қурыў даўам етпекте.

Алтыншы тийкарғы бағдарда аймақлардың инвестициялық потенциалын комплексли жүзеге шығарыў ҳәм урбанизация мәселелерине тоқтап өтилди.

Мәмлекетимизде жедел демографиялық ҳәм экономикалық өсиў шараятында турақ жай қурылысы ҳәм қала қурылысы бойынша кең көлемли бағдарламалар, соның ишинде, жаңа "Жаңа Ташкент" қаласын қурыў, ири аймақлық орайларды "миллионлы қалалар"ға айландырыў илажлары әмелге асырылмақта.

- 2040-жылға шекем қурылатуғын турақ жайлардың санын 2 есеге арттырыў, урбанизация дәрежесин ҳәзирги 51 проценттен 65 процентке жеткериўди режелестиргенбиз,-деди Президент.

Туризмди раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Экономиканың бул тараўының потенциалы жылына 15-20 миллион сырт елли туристлерди қабыл етип, кеминде 15 миллиард долларлық хызметлер көрсетиў имканиятын береди.

Агросанаат комплексин трансформациялаў ҳәм жылына 3,5 миллиард долларлық аўыл хожалығы өнимлериниң экспортын 10 миллиард долларға жеткериў мәселелерине тоқтап өтилди. Президентимиз аймақлардың ҳәкимликлерин инвесторлар менен ислесиўге белсене тартыў, бул бағдарда орынларда жойбарлар бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Сөзиниң жуўмағында улыўма инвестициялық мәканды қәлиплестириў ушын тийкар бола алатуғын Орайлық Азия ҳәм Кавказ мәмлекетлери инвестициялық кеңеслериниң регионаллық альянсын шөлкемлестириў усынысы қоллап-қуўатланды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Президент жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңеси шеңберинде инвесторлар менен турақлы сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыўға таяр екени тастыйықланды.

Мәмлекетимиз басшысы инвестицияға тек ғана экономикалық ресурс емес, ал алдынғы технологиялар, заманагөй билим ҳәм тәжирийбе, жаңа жумыс орынлары, заман менен тең раўажланыў сыпатында қаралатуғынын атап өтти.

Сөзиниң жуўмағында Президентимиз Өзбекстан үлкен исеним ҳәм перспективалы идеялар менен елимизге келип атырған халықаралық инвесторлар ушын ашық болып қалып атырғанын атап өтти.

- Ташкент инвестициялық форумының руўхы улыўма табысларымыздың символына айланады, деп исенемен. Өзбекстанның гөззал тәбияты, уллы халқымыздың бийтәкирар мәденияты ҳәм миймандослығы болса дослығымызды беккемлеў ушын ең жақсы инвестиция болады, - деди мәмлекетимиз басшысы.