Таңлаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 4-январьдағы  "Шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў ҳәм олардың экологиялық жағдайға унамсыз тәсирин азайтыў илажлары ҳаққында"ғы ПП-5-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Жеңимпазларға 500 млн сумнан ҳәм электромобиль бериледи.

Таңлаў жуўмағында ҳәр бир ҳәкимшилик аймақтан 14 жеңимпаз мәҳәлле анықланады.

Онда жеңимпаз болған ҳәр бир мәҳәллеге Экология қорының қаржылары есабынан 500 миллион сумнан қаржы ажыратылады ҳәм хызметте пайдаланыў ушын электромобиль бериледи.

Ажыратылған қаржылар шығынды жыйнаў майданларын шөлкемлестириў, социаллық объектлер аймағында контейнерлер орнатыў, көклемзарластырыў жумысларына қаратылыўы режелестирилген.

Қатнасыў ушын нелер керек?

Таңлаўда қатнасыў ушын арзаға мәҳәллениң паспорты, сондай-ақ, мәҳәллениң экологиялық жағдайы ҳәм әмелге асырылған жумысларды тастыйықлаўшы материаллар қосымша етилиўи керек.

Атап айтқанда, төмендегилер есапқа алынады:

социаллық объектлер аймағындағы шығынды контейнерлери ҳәм көшелерде орнатылған урналар саны;

шығындыларды жыйнаў пунктлериниң саны ҳәм олардың жағдайы;

санитариялық тазалаў хызметлери ушын төлем тәртибиниң жағдайы ҳәм дебитор қарыздарлық муғдары;

шығындыларды жыйнаў, таңлап алыў ҳәм алып шығыўды шөлкемлестириў дәрежеси;

мәҳәлле аймағын шығындыдан жырақ аймаққа айландырыў илажлары;

халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў бойынша мәлимлеме-түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумыслары;

ғалаба хабар қуралларында экологиялық илажларды сәўлелендириў;

терек ҳәм путаларды тәрбиялаўда суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў;

тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қайта тиклеў бойынша басламалар;

шығындыларды бөлек-бөлек жыйнаў системасын енгизиў;

"Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде егилген терек ҳәм путалардың жағдайы;

энергияны үнемлейтуғын технологияларды қолланыў.

Усынылған мағлыўматларға тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң нусқалары, фотоальбом ҳәм көби менен 10 минут даўам ететуғын видео презентация қосымша етилиўи керек.

Арза бериў мүддетлери

Арзаларды қабыллаў 2026-жыл 1-октябрьден баслап Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының районлық ҳәм қалалық бөлимлеринде басланады.

Арзалар 2026-жыл 30-октябрьге шекем қабыл етиледи.

Усынылған мағлыўматлардың исенимлилиги ҳәм қалыслығы ушын жуўапкершилик мәҳәлле баслығына жүкленеди. Соның ушын әмелге асырылған жумыслар, экологиялық инфраструктураның жағдайы, аймақтың санитариялық жағдайы ҳәм абаданластырылыўы, әмелге асырылған экологиялық басламалар ҳаққындағы мағлыўматлар толық, анық ҳәм исенимли түрде берилиўи керек.

Таңлаў тек ғана ең абадан мәҳәллелерди анықлаў емес, ал экологиялық инфраструктураны буннан былай да раўажландырыў, шығындылар менен байланыслы жумысларға заманагөй қатнасларды енгизиў ҳәм халықтың экологиялық жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

"Ең таза мәҳәлле" - бул халықтың экологиялық мәдениятын, аймақты абаданластырыў ҳәм қоршаған орталыққа жуўапкершилик пенен қатнас жасаўын көрсетиў имканияты.