Таңлаў еки бағдар - поэзия ҳәм видеоролик бойынша өткерилмекте. "Поэзия"
номинациясы бойынша қатнасыўшыларға Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 35 жыллығына
бағышланған өз қосығынан мәнисли оқыўдың видеожазыўын усыныў усыныс етиледи.
"Видеоролик"
номинациясы жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар, билимлендириў,
инновациялар, стартаплар, IТ тараўы, спорт, тарийхый мийрас, жаслардың
басламалары темаларын ашып беретуғын дөретиўшилик жумыслар қабыл етиледи.
Дөретиўшилик
жумыслар 2026-жыл 4-августтан 24-августқа шекем қабыл етиледи. Қатнасыўшылар өз
дөретиўшилик жумысларын @ziyoforumuz телеграм мәнзилине жибериўи мүмкин.
Таңлаў жуўмақлары
Ғәрезсизлик байрамы алдында жәрияланады. Ҳәр бир бағдар бойынша жеңимпаз
анықланып, оған ақшалай сыйлық, диплом ҳәм естелик саўғасы тапсырылады.