Бүгин күнниң биринши ярымында мәмлекетимиз басшысы Регионаллық экология саммитиниң ашылыў мәресиминде қатнасты, ЕХРО Халықаралық көргизбелер орайына барып, Өзбекстан ҳәм басқа да мәмлекетлердиң миллий павилонлары менен танысты, сондай-ақ, БМШтың қоршаған орталық бағдарламасының атқарыўшы директоры Ингер Андерсен менен ушырасты.

Усы күни Өзбекстан жетекшиси Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде шығып сөйледи.

Илажлар жуўмақланғаннан соң Президентимиз Ташкентке жөнеп кетти. Астана халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Республикасы Бас министриниң орынбасары - миллий экономика министри Серик Жумангарин ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.