Гөззал Өзбекстан жеринде үшинши мәрте өткерилип атырған Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманында түрли мәмлекетлер ҳәм континентлерден келген белгили көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлерин көрип турғанымнан қуўанышлыман.

Көркем өнер адамлардың қәлбин өз-ара байланыстыратуғын, жақсылыққа жол ашатуғын руўхый көпир, деп бийкарға айтылмаған. Усы мәниде, елимизде дәстүрий түрге енген бул әнжуман мақам көркем өнериниң улыўмаинсаныйлық әҳмийетин арттырыўға хызмет ететуғын дүнья жүзилик майданға айланды.

Онда ЮНЕСКО, АЙСЕСКО, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми Ақсақаллар кеңеси, ТҮРКСАЙ, Түркий парламент ассамблеясы, Түркий мәденият ҳәм мийрас қоры ҳәм басқа да халықаралық структуралардың басшылары, сырт мәмлекетлердиң мәденият министрлери ҳәм елшилери, 80 нен аслам мәмлекеттен 250 ге шамалас мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери қатнасып атырғаны бүгинги әнжуманымызға айрықша абырай ҳәм салмақ бағышламақта.

Пурсаттан пайдаланып, узақ ҳәм жақын мәмлекетлерден келген ҳүрметли мийманларымызға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Жаңа Өзбекстанға хош келдиңиз!

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Өзбекстанның ҳәр бир районы, ўәлаяты, ҳәр бир аймағының өзине тән көркем өнери ҳәм мәденияты, қәдирият ҳәм дәстүрлери, белгили дөретиўшилери бар. Әнжуманымыз өтип атырған Наманган ўәлаяты да мине усындай. Бул үлке абат қала ҳәм аўыллары, исбилерменлери, санаат ҳәм аўыл хожалығы, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт тараўларындағы жетискенликлери, билимли ҳәм күш-ғайратлы жаслары менен, әлбетте, үлкен итибарға ылайық.

Усы күнлери бул жерде дүньяға белгили болған 65-халықаралық Наманган гүллер фестивалы даўам етпекте. Жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген салтанатлы байрам халқымызға, барлық гөззаллық ықласбентлерине үлкен қуўаныш бағышламақта. Пурсаттан пайдаланып, мийнеткеш, шебер ҳәм кеңпейил Наманган халқын бул қутлы сәне менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

Жаңа Өзбекстан шараятында гүллер фестивалы әпиўайы көргизбеден халықаралық көлемде тән алынып атырған үлкен мәдений илажға, өзине тән миллий брендке айланғанын тек ғана Ферғана ойпатлығы емес, ал пүткил елимиздеги үлкен өзгерислердиң нәтийжеси, деп билемиз.

Бүгин гүлзарға айланған Наманган жерине усы жылдың өзинде 150 миллион түптен аслам гүл егилип, Гиннестиң рекордлар китабына киргизилгени, әлбетте, ҳүрметке ылайық. Сизлерге көп-көп рахмет, әзизлерим.

Наманган - уллы шайыр ҳәм ойшыл Бабараҳим Машраб, Нодим, Фазлий, Мажзуб Намангоний, Суфизода, Ибрат, Усмон Насыр, Чустий, Ҳабиб Саъдулла сыяқлы белгили сөз шеберлерин жетистирген сақаўатлы үлке. Миллий музыка мәдениятымыздың раўажланыўында өзиниң жарқын излерин қалдырған белгили ҳафыз, сазенде ҳәм бақсыларымыз - наманганлы Рузиматхан Исабоев, Ваҳобжон Абдуллаев, Маҳмуджон Муҳаммедов, Эргаш Йўлдошев, Саиджон Калонов, Турсуной Мамедова, Камолиддин Раҳимов, Ҳабиба Охунова, Ўринбой Нуралиев, Ҳадия Юсупова, Жўрахон Раҳимовлардың атларын ҳүрмет пенен тилге аламыз. Олардың бай дөретиўшилик мийрасы мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң жаңа әўладлары ушын шеберлик мектеби болып хызмет етпекте.

Қәдирли ўатанласлар!

ЮНЕСКОның Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы дизимине киргизилген мақам көркем өнериниң қаншелли уллы ҳәм бийбаҳа екенин ҳәммемиз жақсы билемиз ҳәм халықаралық жәмийетшиликтиң бундай тән алыўын оғада қәдирлеймиз. Себеби, мақам тек ғана музыка емес. Мақам - миллет яды, халық жүреги, оның әсирлер даўамында жаңлап киятырған руўхының ҳаўазы. Мақамда ата-бабаларымыздың арзыў-әрманлары, қайғы-қуўанышлары, барлық даналықлары жәмленген, десем, сизлер де бул пикирге қосыласыз, деп ойлайман.

Үшинши Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманының тийкарғы мақсети бул бийбаҳа мийрасты қәстерлеп сақлаў, үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, келешек әўладларға жеткериўден ибарат.

Кейинги жылларда Жаңа Өзбекстанда мақам көркем өнериниң миллий ҳәм халықаралық көлемдеги статусын арттырыў мәденият тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланды.

Бүгинги күнде тек ғана атқарыў шеберлиги емес, ал мақамның теориялық тийкарлары да терең үйренилмекте. Әсиресе, Абу Наср Фарабий, Ибн Сино, Абдулқодир Мароғий, Алишер Наўайы, Бабур Мырза, Комил Хорезмий, Абдурауф Фитрат, сондай-ақ, Юнус Ражабий, Файзулла Кароматов, Исхоқ Ражабов сыяқлы алымлардың мақамтаныў бағдарындағы илимий дәстүрлери даўам еттирилмекте.

Мақам көркем өнериниң теориялық, тарийхый ҳәм философиялық тәреплерин үйрениўши арнаўлы илимий кеңеслердиң жумысы жетилистирилмекте. Тараў ушын терең билимге ийе, жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаўға айрықша итибар бермектемиз. "Музыка мектеби - қәнигелестирилген мектеп - жоқары оқыў орны" системасының жолға қойылғаны жасларымызды анық бағдарламалар тийкарында үзликсиз билимлендириўге беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Жақында мәденият ҳәм көркем өнердиң 21 бағдары, соның ишинде, мақам бағдары бойынша дөретиўшилик бирлеспелер шөлкемлестирдик. Бул бирлеспелер ең төменги буўын - мәҳәлледен баслап дөретиўши жасларды излеў, қоллап-қуўатлаў ҳәм талантын жүзеге шығарыўға хызмет етеди. Буннан былай жас мақамшылар дөретиўшилигине жаңа нәпес алып кириў мақсетинде мәҳәлле, район, ўәлаят ҳәм республика дәрежесинде таңлаўлар өткеремиз.

Әзиз дослар!

Ҳәзирги ўақытта "Шашмақом" дүрданалары, Ферғана-Ташкент ҳәм Хорезм мақамларының үйренилмеген текстлери, өзине тән атқарыў усыллары тикленбекте. Ири илимий ҳәм академиялық басылымлар, аудио архивлер баспаға таярланбақта.

Бул бағдардағы жумысларымызды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде Жаңа Ташкент қаласында мақам орайын қурыўға киристик. Не деп ойлайсыз, оны Дүнья мақам орайы деп атап, оның жанында Халықаралық мақам академиясын шөлкемлестирсек, не болады?

Бул мәденият орайы усы көркем өнер түриниң ири илимий-изертлеў орайына айланатуғынына исенемен. Академияда өзбек мақам мектеплери менен бир қатарда араб, түрк, парсы, тәжик, ҳинд ҳәм шығыс классикалық музыкасының басқа да бағдарлары оқытылады. Бул жерде "устаз-шәкирт" принципи тийкарында пүткил дүнья жаслары ушын стажировкалар шөлкемлестирилип, арнаўлы грантлар ажыратылады.

Орай жанында Халықаралық санлы китапхана, сийрек ушырасатуғын музыкалы қолжазбалар, аудио ҳәм нота архивлерине ийе лаборатория шөлкемлестириледи.

Бир сөз бенен айтқанда, жаңа комплекс тараў илимпазлары ҳәм көркем өнертаныўшыларды бирлестиретуғын глобал илимий-академиялық платформаға айланады.

Дүня халықларының мақам, муғам, муқам, дастгоҳ сыяқлы классикалық музыка жанрлары ҳаққындағы мағлыўматларды бирден-бир санлы мәканға өткериў ўақты келди. Усы мүнәсибет пенен илимпазлар ҳәм көркем өнер ғайраткерлерин Жәҳән мақам антологиясын жаратыўға шақыраман. Онда дүньядағы бар барлық мақам шығармалары, нота, аудио ҳәм видео жазыўлар, тараўға байланыслы илимий изертлеўлер бирден-бир санлы платформаға жайластырылады. Сондай-ақ, мақам атқарыўшыларының мобиль қосымшасы иске қосылып, оның фонотекасы турақлы түрде толықтырып барылады.

Бүгинги форумда қатнасып атырған көркем өнер шеберлери ҳәм музыкатаныўшылар бул әҳмийетли процесске мүнәсип үлес қосады, деп ойлайман.

Мақам тараўында илимий изертлеўлерди раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде арнаўлы халықаралық фонд шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Бул қор грантларын илимий излениўлер, сийрек ушырасатуғын дәреклерди үйрениў, инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм тараў ўәкиллерин материаллық хошаметлеў ушын ажыратыў мақсетке муўапық.

Соның менен бирге, қордың есабынан Халықаралық сыйлық шөлкемлестирип, мақам көркем өнериниң раўажланыўына үлкен үлес қосқан илимпаз ҳәм көркем өнер ғайраткерлерин ҳәр еки жылда сыйлықлап барсақ, бул көркем өнердиң ғалаба ен жайыўына да хызмет етеди, деп ойлайман.

Аймақларда "Шашмақам"ның алты бағдары бойынша "Мақам жолы" мәдений-туристлик бағдарын ашамыз. Мәселен, Бухарада - "Бузрук", Самарқандта - "Рост", Хийўада - "Хорезм" ҳәм "Ирақ", Қоқанда - "Наво", Шаҳрисабзда - "Дугоҳ", Ташкентте - "Сегоҳ" тематикалық туризм көшелери шөлкемлестириледи. Мақамлар кафе ҳәм ресторанларда, бағ ҳәм қыябанларда жаңлайды.

Егер әнжуманымызда қатнасып атырған әзербайжанлы көркем өнер ғайраткерлери - муғам менен, түрк көркем өнер ғайраткерлери - муқам менен, тәжик ҳафизлери - мақам менен, ҳинд көркем жәмәәтлери - раг пенен, Африка континенти ўәкиллери - нуба менен "Мақам жолы" мәдений-туристлик маршрутын қәлиплестириўде белсене қатнасса, мақамның халықаралық абырайы және де артатуғынына исенемен.

Бундай шығармалардың алтын фондын жаратқан, оларды кеңнен үгит-нәсиятлап киятырған Юнус Ражабий атындағы "Мақам" ансамблине Миллий мәмлекетлик ансамбль статусын беремиз. Бул жоқары атақ мақтанышлы дөретиўшилик жәмәәтке күш-ғайрат бағышлап, миллий көркем өнеримиздиң дүнья сахналарында көрсетиў ушын жаңа күш-ғайрат бағышлайды, деп исенемен.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Глобалласыў дәўиринде мақамларды ҳақылы түрде инсанның қәлбинде, руўхында ийгиликли сезимлерди оятатуғын, оның руўхый дүньясын көркемлестиретуғын тиришилик булағы, деп айтыў мүмкин.

Мәмлекетимизде дәстүрий түрге енген Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы бүгин мине усы өшпес мийрасты келешек әўладларға жеткерип атырған үлкен сөйлесиў майданы болып есапланады. Бул бағдарда баслаған жумысларымыз сизлер сыяқлы өз өмирин көркем өнер тараўына бағышлаған инсанлардың қоллап-қуўатлаўы менен избе-из даўам еттирилетуғынына исенемен.

Әзиз дослар!

Ҳәр қандай мәмлекеттиң күш-қүдирети оның тек ғана экономикалық байлығы, жер асты байлықлары менен емес, ал жоқары мәденияты ҳәм көркем өнери менен де өлшенеди. Соның ушын бүгин сизлер менен биргеликте мақам көркем өнери - бийбаҳа руўхый ғәзийнениң байрамын халықаралық көлемде белгилеп атырмыз.

Форум шеңберинде өткерилетуғын халықаралық илимий-әмелий конференцияда алға қойылған усыныслар, талантлы атқарыўшылардың шығыўлары тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосады, деп исенемен.

Бүгин ҳәммемиздиң тилегимиз бир: мақамның ҳәр бир сөзи дүньяға хызмет етсин, ҳәр бир намасы халықлар арасында дослық ҳәм туўысқанлықты беккемлесин, ҳәр бир ҳаўазы келешек әўладларға шексиз руўхый күш бағышласын.

Үшинши Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманын ашық, деп жәриялайман.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, күш-ғайрат, жаңа дөретиўшилик жетискенликлер, әнжуман жумысына табыслар тилеймен.

 

***

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары, әзиз ўатанласлар!

Футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы халқымыздың 34 жыллық әрманын әмелге асырып, жәҳән чемпионатында қатнаспақта. Бул бизде мақтаныш сезимлерин оятады.

Футболшыларды жәҳән чемпионатына шығарып салыў мәресиминде "Сизлер әллеқашан тарийх жараттыңыз" дедим. Ўатансүйгиш ҳәм пидайы футболшыларымыз - Жаңа Өзбекстанның ҳақыйқый қаҳарманлары.

Ойыннан ойынға тәжирийбе арттырып, жасыл майданда және де жақсырақ ҳәрекет етип атырған, миллионлаған ўатанласларымыздың үмитлерин терең сезип атырған сайланды командамыз бүгинги беллесиўде елимиздиң абырайын мүнәсип қорғайтуғынына исенемен.

Биз бәрқулла командамыз бенен бирге боламыз ҳәм оны бәрқулла қоллап-қуўатлаймыз!

Сизлерге әўмет, әзизлерим!