Сарай алдындағы майданда еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Мәмлекетимиз басшысын Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко қызғын күтип алды.

Мәмлекетлик гимнлер жаңлады.

Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Биргеликте сүўретке түсиўден соң жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.