Ўатанымыз байрағын бәлент көтерип, жарқын жеңислер менен Ўатанымызға қайттыңыз!

Сизлер Азия регионының 45 мәмлекетинен 11 мыңға шамалас спортшы қатнасқан, оғада кескин беллесиўлер астында өткен бул абырайлы жарысларда ҳақыйқый шеберлик, мәртлик ҳәм жигерлилик пазыйлетлерин көрсетип, мәмлекетимиз спорты тарийхында және бир уллы бет аштыңыз.

Миллий сайланды командамыз 21 алтын, 25 гүмис ҳәм 24 қола медалы менен Қытай, Япония, Қубла Корея ҳәм Ҳиндстаннан кейин бесинши орынды ийелегени Жаңа Өзбекстанның спорт тараўындағы потенциалынан, мәрт ҳәм баҳадыр перзентлеримиздиң қандай уллы ислерге уқыплы екенинен дерек береди.

Бул, әлбетте, бәршемизге, көп миллетли пүткил халқымызға шексиз мақтаныш бағышлайды.

Өзбекстан бул ойынларда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Ислам бирге ислесиў шөлкеми мәмлекетлери арасында биринши орынды ийелегени де, әлбетте, итибарлы.

Дәслеп Абдулваҳоб Рашидов ер адамлар арасындағы каратэ беллесиўлеринде, Шоҳсанам Шерзодова жеке тәртипте каноэда ескек есиў бағдарламасында, Ўткирбек Жўраев болса спорт гимнастикасы бойынша Өзбекстанның Азия ойынларындағы биринши ҳәм тарийхый алтын медальларын алыўға ерискени сайланды командамыз ағзаларын жоқары шеклерге руўхландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.

Ғайрат ҳәм мәртликте теңсиз болған жеңил атлетикашыларымыз Суҳроб Хўжаев балға ылақтырыў бағдарында Азия ойынларының алтын медалын қолға киргизген биринши өзбек спортшысына айланды, бийикликке секириў бойынша 1,90 метрлик нәтийже көрсеткен Барнохон Сайфуллаева алтын медальды қолға киргизиў менен бирге өзиниң жеке рекордын да жаңалады.

Жасларымыздың үлкен спортта өз орнын исенимли ийелеп атырғаны бәршемизди оғада қуўандырады, әлбетте. Жеңил атлетикашымыз Шарифа Давронова, боксшымыз Абдумалик Халлаков еки мәрте, көркем гимнастика бойынша Тахмина Икромова үш мәрте Азия ойынларының чемпионы деген абырайлы атаққа ийе болып, континентимизде теңсиз екенин дәлилледи.

Академик ескек есиў бойынша жақында болып өткен жәҳән чемпионатында тарийхый алтын медальды қолға киргизген Шаҳзод Нурматов ҳәм Собир Сафаралиевтың жуплығы маўасасыз өткен Азия ойынлары беллесиўлеринде де жетекшиликти сақлап қалды.

Мәрт майдан спортшыларымыз Азия ҳәм жәҳән рекордларын жаңалап, спорт тарийхына өз атларын алтын ҳәриплер менен мөрлеп қойғаны жарыслардың ең жарқын бетлерин қурады, десек, дурыс болады. Соның ишинде, әпсаналық аўыр атлетикашымыз Акбар Жўраев 197 килограмм нәтийже менен жәҳән ҳәм Азия рекордын жаңалаўға еристи. Оғада драмалық руўхта өткен беллесиўлерде бул палўанымыздың Азия ойынлары рекордын орнатқаны ықласбентлердиң кеўлинен терең орын алған умытылмас ўақыяға айланды.

Ал, оқ атыў бойынша болса Владимир Свечниковтың Азия ойынларының алтын медалын биринши мәрте Өзбекстанға алып келгени ҳәм Азия ойынларының рекордын орнатқаны – бул да тарийх, бул да мақтаныш, бул да қаҳарманлық.

Шебер дзюдошымыз Музаффарбек Тўрабоев өзине тән мәртлик көрсетип, шерек финалда кореялы қарсыласы, Париж-2024 олимпиадасының жеңимпазы Ким Мун Жонгты, финал беллесиўинде болса дзюдоның ўатаны болған Япония ўәкили Ота Ҳёганы жеңип, Азия ойынларында еки салмақ категориясында жеңиске ерискен биринши чемпион сыпатында тарийхқа кирди.

Усы жерде өзбек дзюдошыларының 2 алтын, 2 гүмис ҳәм 3 қола медалын қолға киргизип, 32 мәмлекет ўәкиллериниң қатнасыўындағы күшли бәсекилик шараятында Япониядан кейин улыўма командалық есапта екинши орынды ийелегени Өзбекстан дзюдо спортындағы ең ири ҳәм салмақлы нәтийже болып есапланады.

Үш мың жыллық тарийхқа ийе болған өзбек гүреси бойынша палўанларымыз да халқымыздың исенимин мүнәсип тәризде ақлады. Бул бағдарда 6 алтын медальдың төртеўин Аҳрор Зиёдуллаев, Шоҳруххон Бахтиёров, Ибодатхон Агожонова ҳәм Покизахон Камолдинова қолға киргизип, делегациямыздың есабына қосып қойғаны ушын оларға рахмет айтамыз.

Өз жеңислериниң тарийхын, шеберлик мектебин жаратып атырған мине, усындай алп улларымыз, дилбар қызларымызға даңқ болсын!

Әзиз дослар!

Азия ойынларында ерисилген ҳәр бир жетискенлик, ҳәр бир толқынландырыўшы минут биз ушын өзине тән байрам, заўық ҳәм қуўаныш әййямы екенин дерлик бир ай даўамында бәршемиз шын кеўилден сезинип жасадық.

Әлбетте, шексиз Азия континентиниң өзине тән Олимпиада ойынлары болған бул жарыслардағы жоқары нәтийжелер өз-өзинен болғаны жоқ. Олардың тийкарында елимизде денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға қаратылған кең көлемли реформалар, жаратылып атырған шараятлар, жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырып атырған жумысларымыз жәмленген.

Пурсаттан пайдаланып, бизге мине усындай умытылмас жеңислерди инам еткен барлық спортшыларымызға, олардың ата-аналарына, алтынға тең кеңес ҳәм көрсетпелери менен үлкен жеңислерге мүнәсип үлес қосқан жанкүйер устаз ҳәм тренерлерге, атлетлеримизди бәрқулла қоллап-қуўатлап атырған көп санлы ықласбентлерге өзимниң атымнан, халқымыздың атынан шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Сизлер Азия ойынларындағы жеңисиңиз бенен Жаңа Өзбекстанда Олимпиада ҳәрекетиниң раўажланыўы жаңа басқышқа көтерилгенин, бул жолда жаңа алтын әўлад қәлиплескенин пүткил дүньяға көрсеттиңиз.

Япония жеринде ерисилген жетискенлик ҳәм нәтийжелер, топланған тәжирийбелер 2028-жылы Лос-Анжелесте өтетуғын Олимпиада ойынлары ушын беккем тийкар болып хызмет ететуғынына исенемен.

Әзизлерим, сизлер дүньядағы ең абырайлы ойынларға, әлбетте, жақсы таярлық көрип барасыз! Келешекте де жолыңызда әлбетте, және көплеген жарқын жеңислер болады!

Жаңа Өзбекстанның даңқлы спорт жылнамасын жаратыўда бәрқулла табыслар яр болсын!


Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти