Парламент жоқары палатасының мәлим етиўинше, бул келисимниң қағыйдаларына муўапық, тәреплер еркинен айырыў жазасын өтеп атырған қамақтағыларды жазаның қалған бөлегин пуқарасы болған мәмлекетте өтеў ушын өткериўде бирге ислеседи.

Ҳүжжетте судланған шахсты услап бериў шәртлери, бас тартыў тийкарлары, орайлық ҳәкимият уйымлары, сораўдың түри ҳәм мазмуны, жазаны орынлаў, транзит ҳәм қәрежетлерди қаплаў тәртиби анық белгилеп берилген.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи шет елде жазаны өтеп атырған пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, оларды социаллық реабилитациялаў имканиятларын кеңейтеди, сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы ҳуқықый бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, әмелиятта инсаныйлық принциплерине әмел етилиўин тәмийинлеў ҳәм жазаны орынлаў тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.