Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў ҳәм оларды әмелий мазмун менен байытыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Жоқары дәрежедеги өз-ара сапар етиўлер нәтийжесинде еллеримиз арасындағы бирге ислесиў пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. Атап айтқанда, жыл басынан товар алмасыў көлеми 15 процентке өсип, қоспа кәрханалардың саны 50 ге жетти. Ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел сөйлесиўлер даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы усы күнлери Өзбекстанда болып турған Малайзияның "Петронас" корпорациясы делегациясы менен сөйлесиўлердиң әҳмийетине тоқтап өтип, экономиканың түрли тармақларында стратегиялық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Атап айтқанда, нефть-химия, жоқары технологиялық тармақлар, аўыл хожалығы, машина қурылысы, фармацевтика ҳәм басқа да тийкарғы тараўлардағы жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиўде ислам қаржыландырыў бағдарлары, аймақлараралық бирге ислесиў, зыярат туризми, тиккелей авиақатнаўларды көбейтиў, мәдений алмасыўлар бойынша бирге ислесиў перспективаларына да тоқтап өтилди.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Ушырасыў соңында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Малайзия Бас министри Анвар Иброҳимды мәмлекетимизге өз алдына сапар менен келиўге мирәт етти.