Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң миллий мәмлекетшиликтеги орнын, Жаңа Өзбекстанның бүгинги ҳәм келешектеги раўажланыўындағы әҳмийетин терең аңлаған ҳалда, Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 35 жыллығын елимиздиң дүнья жүзиндеги үлкен потенциалы ҳәм жоқары абырайына сәйкес түрде белгилеўге ҳәр тәреплеме пуқта таярлық көрилмекте.

Ғәрезсизлик - бул мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымыздың, оның ушын гүрескен пидайы ата-бабаларымыздың мәртлиги ҳәм жигерлилиги менен қолға киргизилген беккем ерк-ықрары, Жаңа Өзбекстанды жаратыўға қаратылған ийгиликли ислеримиздиң тийкары, келешек әўладларға қәстерлеп жеткериўимиз зәрүр болған уллы ҳәм муқаддес қәдирият болып есапланады.

Ғәрезсизлик себепли жаңаланған Конституция ҳәм "Өзбекстан - 2030" стратегиясы тийкарындағы раўажланыў жолымыз республикамызды социаллық-экономикалық раўажландырыў, инсан қәдирин улығлаў, жәмийетте тынышлық ҳәм турақлылық, дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, уллы тарийхымыз ҳәм миллий үрп-әдетлеримизди қәстерлеп сақлаў, регионда жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеў, елимиздиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыўда беккем сүйениш болып хызмет етпекте.

Әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде елимиздиң келбети түп-тийкарынан өзгермекте, адамлардың ертеңги күнге болған исеними беккемленбекте, сана-сезими ҳәм дүньяға көзқарасы өзгермекте.

Бул бағдардағы жумысларды избе-из даўам еттириў ҳәм жаңа басқышқа көтериў, елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық қүдирети ҳәм потенциалын арттырыў, халықаралық майдандағы абырайын арттырыўға үлкен үлес қосып атырған, көп жыллық пидәкерлик мийнети, жоқары кәсиплик шеберлиги ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўы менен халық арасында ҳүрметке ерискен ўатанласларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:

1. "Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы" естелик белгиси шөлкемлестирилсин.

2. "Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы" естелик белгисиниң Режеси ҳәм сыпатламасы 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

3. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте "Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы" естелик белгиси ҳәм оның гүўалықларының белгиленген тәртипте таярланыўын тәмийинлесин.

4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.Ш.Мирзиёеваға жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев