Реже ҳәм идеялар қаншелли жетик болмасын, олардың орынланыўы тәмийинленбесе, күтилген нәтийжеге ерисип болмайды. Усы мәнисте, атқарыў тәртиби ҳәр қандай раўажланыўдың тийкарғы факторы ҳәм нәтийжелилик өлшеми болып есапланады.

Мәмлекетимизде соңғы жыллары мәмлекетлик басқарыў системасында атқарыў тәртибин беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Себеби ҳәр бир нызам, қарар ҳәм бағдарлама, бәринен бурын, инсан мәпине хызмет етиўи, халықтың турмысында әмелий нәтийже бериўи керек. Бул болса жуўапкер басшы ҳәм хызметкерлердиң ўазыйпаға шын кеўилден қатнас жасаўын талап етеди.

Нызамлар, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкимет ҳүжжетлериниң орынланыўы үстинен нәтийжели қадағалаў механизмлерин енгизиў, орынлаў нәтийжеси бойынша анық есап бериўди тәмийинлеў, сондай-ақ, барлық буўындағы басшы ҳәм хызметкерлердиң орынлаў тәртибине қатаң әмел етиў бойынша жеке жуўапкершилигин және де арттырыў мақсетинде кейинги жылларда бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Президентимиздиң 2021-жыл 10-февральдағы "Нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы ҳәм 2025-жыл 25-июльдеги "Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде атқарыў тәртибин буннан былай да беккемлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында"ғы пәрманлары, 2021-жыл 31-майдағы “Ijro.gov.uz” атқарыў тәртиби уйымлараралық бирден-бир электрон системасының нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары усылардың қатарына киреди.

Буннан тысқары, усы жыл 14-августта "Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳаққында"ғы конституциялық нызам қабыл етилди.

Сондай-ақ, бул бағдарда Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 30-сентябрьдеги "Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарларының орынланыўын қадағалаўдың жаңа механизмлерин енгизиў ҳаққында"ғы қарары да қабыл етилген.

Бул ҳүжжетлер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларына жүкленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўде ҳуқықый тийкар болып хызмет етпекте.

Атқарыў тәртиби мәмлекетлик басқарыўдың әҳмийетли структуралық бөлеги болып, мәмлекеттиң раўажланыўы, экономикалық өсиў ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеўде шешиўши әҳмийетке ийе. Қалаберди, ол ҳәр қандай мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумыс нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын ең әҳмийетли және тийкарғы көрсеткишлерден бири болып есапланады. Сонлықтан, тараўға байланыслы барлық ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў тек ғана Агросанаатты раўажландырыў агентлиги басшылығы емес, ҳәттеки ең төменги буўынға шекемги барлық хызметкердиң миннетине айланған.

Агентлик тәрепинен бул бағдарда “Ijro.gov.uz” уйымлараралық орынлаў тәртиби бирден-бир электрон системасына киргизилген нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўы бойынша Министрлер Кабинети, Әдиллик министрлиги ҳәм Есап палатасы менен "технологиялық шынжыр" тийкарында турақлы бирге ислесиўде жумыс алып барылмақта.

2026-жылдың биринши ярым жыллығында агентликке Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланған 131 ҳүжжет “Ijro.gov.uz” системасы арқалы келип түскен, 680 тапсырма агентликке жиберилген. Соннан 548 тапсырманың орынланыўы толық тәмийинленген. Қалған 132 тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў илажлары көрилмекте. Буннан тысқары, Президент Администрациясы басшысының 24, Министрлер Кабинетиниң 67 тапсырмасының орынланыўы толық тәмийинленди.

Жаңа Өзбекстандағы кең көлемли реформалардың табысы, бәринен бурын, қабыл етилип атырған қарарлар ҳәм белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўына байланыслы. Сонлықтан, орынлаў тәртибин беккемлеў мәмлекетлик басқарыўдың ең әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында тән алынбақта. Ҳәр қандай баслама, бағдарлама ямаса жойбар өзиниң әмелий нәтийжесин әйне пуқта шөлкемлестирилген орынлаў арқалы көрсетеди. Бул болса агентлик директоры менен бир қатарда оның орынбасарларына да үлкен жуўапкершилик жүклейди.

KPI көрсеткишлери баҳаланған жағдайда ғана хызметкерлер жуўапкершиликти сезеди. Сонлықтан, 2025-2026-жыллар ушын агентлик директоры ҳәм орынбасарларының жумысын баҳалаўшы мақсетли көрсеткишлер Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарлары менен тастыйықланған. Оларда белгиленген агентлик директоры ҳәм орынбасарларының жумысын баҳалаўшы мақсетли көрсеткишлер 2025-жыл және 2026-жылдың биринши ярым жыллығында 100 процентлик нәтийже менен орынланды. KPI көрсеткишлерин өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў мақсетинде ҳәр шеректиң жуўмағы менен агентликтиң кеңейтилген мәжилисинде сын көзқарастан додалап барылмақта.

Буннан тысқары, агентлик орайлық аппараты басқарма ҳәм бөлимлер хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилигин баҳалаў тәртиби ҳәм мақсетли ўазыйпаларға ерисиўин баҳалаўдың тийкарғы нормалары (KPI көрсеткишлери) тастыйықланған.

Булардың барлығы агентлик системасында атқарыў тәртибин тәмийинлеў, қалаберсе, Президентимиз, Президент Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетиниң тапсырмалары менен жүкленген ўазыйпалар, функциялар ҳәм прогноз (индикатор) көрсеткишлериниң белгиленген мүддетлерде, сапалы ҳәм толық тәмийинлеў арқалы реформалардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм нәтийжелиликти беккемлеўге тийкар болмақта.

Агентликке жүкленген ўазыйпалар қатарында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў процесслерин қоллап-қуўатлаў, инвестицияларды тартыў, инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм тараў инфраструктурасын раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бар. Бул ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўы болса, бәринен бурын, орынлаў тәртибиниң жоқары дәрежеде жолға қойылғанына байланыслы.

Шөлкемимиз системасында ҳүжжетлер ҳәм тапсырмалардың орынланыўын қадағалаў, олардың орынланыў мүддетлерине қатаң әмел етиў ҳәм орынлаў нәтийжелерин турақлы таллап барыў бойынша системалы жумыслар исленбекте. Ҳәр бир тапсырманың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы жуўапкер хызметкерлердиң жеке жуўапкершилиги тийкарында шөлкемлестирилмекте. Бул болса жумыс нәтийжелилигин арттырыў, бюрократиялық тосқынлықларды азайтыў ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Әсиресе, аймақлардағы инвестициялық жойбарлар, интенсив бағ ҳәм жүзим бағларын шөлкемлестириў, заманагөй ыссыханаларды қурыў, экспортқа жарамлы өнимлер жетистириў бойынша ўазыйпалардың орынланыўы үстинен турақлы мониторинг алып барылыўы айрықша әҳмийетке ийе. Себеби ҳәр бир жойбардың артында жаңа жумыс орынлары, экономикалық өсиў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў сыяқлы мақсетлер жәмленген.

Республикамызда жәми 365,5 мың гектар мийўезарлық бар. Соннан 273,2 мың гектары фермер хожалықлары және 92,3 мың гектары халық ҳәм дийқан хожалықларының үлесине туўра келеди. 2025-жылы бул бағларда 3,4 миллион тонна мийўе өними жетистирилди. Буннан тысқары, 207,1 мың гектар жүзимзарлықта өткен жылы 2 миллион тонна жүзим өними жетистирилди.

Президентимиздиң 2024-жыл 30-сентябрьдеги "Республикада агросанаат тараўына жаңа базар механизмлерин енгизиў және санаатласқан бағ ҳәм жүзим атызларын жаратыўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы пәрманында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 2024-2025-жылларда экономикалық нәтийжесиз және ескирген бағ ҳәм жүзим атызларының орнында жәми 43,2 мың гектар жаңадан санаатласқан интенсив мийўели бағ ҳәм жүзим атызларын жаратыў ўазыйпасы белгиленген. Усы тийкарда республикамызда жәми 44,2 мың гектар санаатластырылған интенсив мийўели бағ ҳәм жүзимгершилик жаратылды.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 15 мың адам турақлы ҳәм 63 мың пуқара мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленди ҳәм 331,5 миллион долларлық инвестиция киргизилди.

Агентлик тәрепинен 2026-жылы аймақларда 30,5 мың гектар мийўели бағ ҳәм жүзимзарлар жаратыў, нәтийжеде 681 мың тонна өним алыў, 42 мың мәўсимлик ҳәм 6,1 мың турақлы жумыс орнын ашыў режелестирилген.

Өзбекстан ҳәм сырт мәмлекетлер арасындағы аўыл хожалығы бирге ислесиўин беккемлеў, заманагөй бағшылық технологияларын енгизиў ҳәм экспортқа қолайлы мийўе өнимлерин жетистириў мақсетинде Қырғызстан, Тәжикстан, Аўғанстан ҳәм Әзербайжанда агентлик тәрепинен дослық бағлары шөлкемлестирилмекте. Бул болса, өз гезегинде, аўыл хожалығында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, заманагөй агротехнологияларды кеңнен енгизиў және халықтың бәнтлигин ҳәм экспорт көлемин арттырыўға хызмет етеди. Бул жойбарлардың табыслы әмелге асырылыўы болса, бәринен бурын, жоқары дәрежедеги атқарыў тәртиби ҳәм жуўапкершиликли қатнас пенен тығыз байланыслы.

Президентимиздиң 2026-жыл 9-июньдеги "Санаат усылындағы интенсив мийўели бағларды жаратыў ҳәм гөнерген бағларды жаңалаўды қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы агросанаат тараўында түпкиликли бурылыс жасады. Пәрман менен интенсив санаатласқан бағларды раўажландырыў, гөнерген бағларды жаңалаў ҳәм жоқары өнимдарлы сортларды кеңнен енгизиўдиң жаңа системасы жаратылды.

Агентлик бул реформалардың әмелий орынланыўын тәмийинлеўши тийкарғы шөлкемлерден бири сыпатында аймақларда бағларды хатлаўдан өткериў, олардың жағдайын баҳалаў, жаңа жойбарларды қәлиплестириў ҳәм инвестицияларды тартыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды орынламақта. Пәрманның орынланыў нәтийжелилиги болса, бәринен бурын, жоқары орынлаў тәртиби, жуўапкершилик ҳәм системалы қадағалаўға байланыслы. Усы мәнисте, агентлик жумысында атқарыў тәртиби раўажланыў ҳәм нәтийжелиликтиң ең әҳмийетли өлшеми сыпатында көзге тасланбақта.

Бүгин агентлик тәрепинен исленип атырған жумыслар себепли аўыл хожалығында қосымша қун шынжырларын жаратыў, экспорт көлемин арттырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты күшейтиў бағдарында әҳмийетли нәтийжелерге ерисилмекте. Бул нәтийжелер тийкарында болса, бәринен бурын, пуқта шөлкемлестирилген орынлаў тәртиби, системалы қадағалаў ҳәм жоқары жуўапкершилик жәмленген.

Атқарыўшылық тәртиби ҳәр қандай шөлкемниң табыслы болыўының гиреўи есапланады. Агентлик жумысында да бул принципке қатаң әмел етиў нәзерде тутылған. Бул, өз гезегинде, белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели орынлаў арқалы тараўдың турақлы раўажланыўы ҳәм мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта. Раўажланыў ҳәм нәтийжелилик жолы, әлбетте, беккем атқарыў тәртиби менен басланады.

Ол шөлкем жумысының барлық бағдарында жуўапкершилик, тәртип ҳәм нәтийжелилик орталығын қәлиплестиреди. Хызметкерлердиң өз ўазыйпасына жуўапкершилик пенен қатнас жасаўы, тапсырмаларды сапалы орынлаўы ҳәм интакерлик көрсетиўи агентлик алдына қойылған стратегиялық мақсетлерге ерисиўде әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Президентимиздиң басшылығында 2026-жыл 13-март күни халықтың мүрәжатлары менен ислесиў системасын жетилистириў, Халық қабыллаўханаларының жумысын жаңа басқышқа алып шығыў, жәмийетшилик пикирин терең таллаў ҳәм орынлаў тәртиби мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде халықтың мүрәжатлары менен ислесиў мәмлекетлик уйымлар жумысының тийкарғы нормаларынан бири екени атап өтилди. Ҳәр бир мүрәжаттың артында инсанның тәғдири, машқаласы ҳәм арзыў-нийетлери турғаны атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен мәмлекетлик уйымлардың басшыларына халық пенен сөйлесиўди күшейтиў, мүрәжатларды терең таллаў, қайта мүрәжатлардың келип шығыў себеплерин сапластырыў ҳәм машқалаларды системалы шешиў бойынша анық ўазыйпалар жүкленди.

Мәжилистен келип шыққан ҳалда агентлик системасында да мүрәжатлар менен ислесиў нәтийжелилигин арттырыў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын өз ўақтында көрип шығыў және оларды нызамлы шешиў бойынша қосымша илажлар белгиленди.

Сондай-ақ, орынлаў тәртибин және де беккемлеў мақсетинде ҳәр бир тапсырманың орынланыўын мониторинг етиў, қадағалаў илажларын күшейтиў ҳәм жеке жуўапкершиликти арттырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды. Олардың орынланыўын тәмийинлеў арқалы халықтың мүрәжатларын шешиў нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик хызметлердиң сапасын жақсылаў ҳәм жәмийетшиликтиң разылығын тәмийинлеў нәзерде тутылған.

Атқарыў тәртиби әпиўайы талап емес, ал раўажланыўды тәмийинлейтуғын әҳмийетли күш болып есапланады. Ол жәмийеттиң барлық буўынында беккем орналасса ғана елдиң раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығына ерисиў мүмкин. Демек, ҳәр биримиз өз ўазыйпамызды шын кеўилден орынласақ, тәртип ҳәм жуўапкершиликти турмыс өлшемине айландырсақ, раўажланыў ҳәм жоқары нәтийжелерге, әлбетте, ерисемиз.

 

Нурали АБДУЛЛАЕВ,

Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы
Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң директоры