Елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетли тәрепи - халықтың, әсиресе, жаслардың, интакер пуқаралардың алдыңғы идеяларын қоллап-қуўатлаў, оларды әмелий жойбарларға айландырыўдың ашық-айдын ҳәм нәтийжели механизмлерин жаратыўдан ибарат.
Усы мақсетте Президентимиздиң 2025-жыл 14-июльдеги "Реформаларды әмелге асырыўда перспективалы басламаларды буннан былай да қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, "Келешек ушын" перспективалы басламалар форумын өткериў әмелияты жолға қойылды. Оның тийкарғы мақсети кең жәмийетшилик тәрепинен алға қойылып атырған әҳмийетли усынысларды таңлап алыў, қоллап-қуўатлаў ҳәм турмысқа енгизиўден ибарат.
Форум шеңберинде келажакучун.гов.уз крауд платформасы иске қосылды. Онда пуқараларға өз басламаларын ашық-айдын жайластырыў, көрип шығыў ҳәм экспертлик баҳалаў ушын усыныў имканияты жаратылған.
Быйылғы форум шөлкемлестириў комитети тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў, экология, суў тәмийнаты ҳәм "жасыл" энергетиканы кеңейтиў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти енгизиў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў, суд-ҳуқық системасын заманагөй көзқараслар тийкарында раўажландырыў тийкарғы бағдарлар сыпатында белгиленген.
Форум жәрияланғаннан кейин халықтан 1 мың 300 ден аслам усыныс ҳәм басламалар келип түсти. Олар Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги ҳәм "Бизнести раўажландырыў банки" тәрепинен дәслепки экспертизадан өткерилип, белгиленген тийкарғы бағдарлар кесиминде системаластырылды.
Буннан соң, басламалар Менторлар кеңеси ағзалары ҳәм тараў экспертлери қатнасыўында талланып, әмелий әҳмийети, енгизиў имканиятлары, социаллық-экономикалық нәтийжелилиги ҳәм кеңейтиў перспективалары бойынша баҳаланды. Жуўмақлар бойынша ең әҳмийетли 50 ҳәм 10 жойбар қәлиплестирилди.
Форумның биринши күнинде топ-10 лыққа кирген басламалардың авторларын сыйлықлаў мәресими болып өтти. Жеңимпазларға сертификат ҳәм ақшалай сыйлықлар тапсырылды.
Президентимизге усынылған жойбарлар арасында автомобиль жолларын қурыўда пластикалық шығындылардан пайдаланыў, ҳаўаны тазалаў ушын инновациялық қурылманы ислеп шығыў, алыс аймақларды мобил қурылмалар жәрдеминде энергия менен тәмийинлеў, пиядалар өтиў орынларында автоматластырылған ескертиў системасын енгизиў, миллий инженерлик платформасын жаратыў сыяқлы жойбарлар бар.
Презентацияда бул идеялардың ҳәр бири анық социаллық ямаса экономикалық машқалаларды шешиўге қаратылғаны атап өтилди.
Жойбарлар тийисли бағдарлар бойынша Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети, Аўыл хожалығы министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Санлы технологиялар министрлиги, Әдиллик министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Транспорт министрлиги, Автомобиль жоллары комитети ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлерге бириктириледи.
Оларды әмелге асырыў бойынша илажлар режеси тастыйықланады ҳәм ҳәр бир басламаның орынланыўы системалы түрде қадағалап барылады. "Бизнести раўажландырыў банки" АКБ перспективалы жойбарларды қаржыландырыў ҳәм олардың орынланыўын турақлы мониторинг етиўде қатнасады.
Мәмлекетимиз басшысы басламалардың әмелий нәтийжелерине айрықша итибар қаратыў, олардың авторлары менен биргеликте ҳәр бир жойбарды турмысқа бейим, экономикалық жақтан нәтийжели, адамларға пайда келтиретуғын шешимге айландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.