Талабанлар турниринде жеңиске ерискен Жавоҳир Синдаров өзбек шахматы тарийхында биринши мәрте ҳақыйқый үлкен, тарийхый нәтийжеге еристи.

Ол дүньяның ең күшли гроссмейстерлери менен беллесиўлерде жоқары шеберликти көрсетип, ҳәр бир ойында исенимлилик, күшли ерк-ықрар ҳәм интеллектуаллық үстинликти көрсетти. Ол шахмат дүньясындағы шын мәнисиндеги айрықша жетискенлиги 14 партияда 10 очко топлап, бирде-бир жеңилиске ушырамағаны ҳәм топлаған очколары ҳәм жеңислери бойынша рекорд орнатқаны болды.

Мәресимде шығып сөйлеген Президент Жавоҳир Синдоровты усы тарийхый жеңис пенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бул пүткил халқымыздың, пүткил Жаңа Өзбекстанның жеңиси екенин атап өтти.

- Әлбетте, ҳеш бир нәтийже өз-өзинен келмейди. Оның артында көп жыллық тынымсыз мийнет, балалықтан арттырылған тәжирийбе, беккем ерк-ықрар, темир тәртип ҳәм әлбетте, устаз ҳәм тренерлер мектеби, ата-ана, ата-апалардың пәтиялары бар. Пурсаттан пайдаланып, өзбек халқының мине усындай мүнәсип перзентин тәрбиялап камалға келтирген ата-аналарыңызға, устаз ҳәм тренерлериңизге және бир мәрте шын жүректен миннетдаршылық билдиремен, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Атап өтилгениндей, турнир даўамында Жавоҳир Синдаров шахмат тахтасында халқымызға тән болған күшли ерк-ықрар, өзине исеним, терең пикирлеў ҳәм сабыр-тақат пазыйлетлерин айқын көрсетти. Ҳиндстан, АҚШ, Қытай, Нидерландия, Германия ҳәм Россияның супер гроссмейстерлерине салқын қанлы ҳәм мәртлерше қарсы шыққаны айрықша атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул үлкен табыс мәмлекетимизде спортты, соның ишинде, шахматты раўажландырыўға қаратылып атырған турақлы итибар ҳәм ғамқорлықтың әмелий нәтийжеси екенин атап өтти. Жаңа Өзбекстанда мине усындай жеңимпаз, мәрт ҳәм жигерли жас әўлад жетисип шығып атырғаны бәршемизге шексиз мақтаныш бағышлайтуғыны атап өтилди.

Усы мәниде, бүгинги күнде FIDE рейтингиндеги ең күшли бес шахматшының екеўи Өзбекстан ўәкиллери екени атап өтилди. Бул миллий шахмат мектебиниң потенциалы ҳәм халықаралық майдандағы абырайының артып баратырғанынан айқын дәрек, сондай-ақ, усы спорт түрине қызығыўшы мыңлаған талантлы ул-қызларымыз ушын күшли хошамет болып хызмет етпекте.

Мәресимде Жавоҳир Синдаровтың алдында турған жаңа шеклер ҳаққында да сөз болды. Ол жәҳән шахмат тажы ушын шешиўши ойында мүнәсип қатнасып, өзбек шахмат мектебиниң потенциалы ҳәм абырайын пүткил дүньяға және бир мәрте көрсететуғынына исеним билдирилди. Усы жылдың сентябрь айында Самарқандта болып өтетуғын 46-жәҳән шахмат олимпиадасында да халқымыз оннан ҳәм пүткил командадан жарқын жеңислер күтип атырғаны айрықша атап өтилди.

Илаж даўамында Жавоҳир Синдаровты мәмлекетимизде, әсиресе, жаслар арасында шахматты кеңнен ғалаба ен жайдырыў, жас әўладты миллий мақтаныш, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы үлкен хызметлери және Кипрде өткерилген FIDE талабанлар турниринде рекорд нәтийжелер көрсетип, мүддетинен алдын жеңимпаз болғаны ушын "Меҳнат шуҳрати" ордени менен сыйлықлаў ҳаққындағы Президент пәрманы оқып еситтирилди.

Мәмлекетимиз басшысы шахматшыға бул жоқары сыйлықты салтанатлы түрде тапсырды.

Гроссмейстер жасларға ҳәм спортты раўажландырыўға қаратылып атырған турақлы итибар, жаратылып атырған кең имканиятлар, жоқары исеним ҳәм итибар ушын Президентимизге терең миннетдаршылық билдирди.