Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саидтиң сәлемин жеткерди.

Тәреплер саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық-қаржы тараўларындағы бирге ислесиўди жеделлестириў мәселелери бойынша пикир алысты.

Сөйлесиўлер жеделлескени ҳәм товар алмасыў көлеми артып атырғаны атап өтилди. Өзбекстан - Оман инвестициялық компаниясының қатнасыўында әҳмийетли жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Келеси айдан баслап еки мәмлекет пайтахтлары арасында тиккелей авиақатнаў жолға қойылады.

Ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның гезектеги мәжилисин быйылғы жылы Маскат қаласында өткериўге келисип алынды.

Сөйлесиўде транспорт, логистика, геология, электрон коммерция, санлы инфраструктура ҳәм басқа да бағдарларда перспективалы жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.