Ушырасыў алдынан Михаил Мишустин мәмлекетимиз басшысына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан-Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын тереңлестириў шеңберинде жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Товар алмасыўдың турақлы өсип баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Оның көлеми жыл басынан берли 20 процентке өскен. Энергетика, металлургия ҳәм экономиканың басқа да тийкарғы тармақларында ири жойбарларды әмелге асырыў даўам етпекте.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң раўажланыў пәтин сақлап қалыў, сондай-ақ, санаат кооперациясы жойбарларын қоллап-қуўатлаў бойынша комплексли илажлар көриўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан жетекшиси аймақлар дәрежесинде әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, сондай-ақ, мәдений-ағартыўшылық алмасыў бағдарламаларын алға қойыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.