"Бизде Ла-Гуайр штаты бериўи мүмкин болған санларды есапқа алмағанда
32 қурбан ҳәм мәмлекет емлеўханалары ҳәм жеке меншик медицина орайларының
қыстаўлы жәрдем бөлимлерине жатқарылған 700 ден аслам жарақатланғанлар ҳаққында
мағлыўматлар бар", - деди ол VTV телеканалы тәрепинен эфирге
узатылған халыққа мүрәжатында.
Оның айтыўынша, ең көп зыян көрген аймақ Ла-Гуайр штаты болып, бул жерде
онлаған имарат қулаған.
"Биз ҳәзир көбирек адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын оғада аўыр
жумысларды алып барып атырмыз", - деп атап өтти Родригес.
Түнде Венесуэла
жағаларында күшли жер силкиниў жүз берди. АҚШ Миллий геологиялық хызметиниң
мағлыўматларына бола, жәми 7,2 ҳәм 7,5 магнитудалы жер силкиниўлериниң еки
сериясы болған. Олар Морон қаласынан 16 километр, Сан-Фелипеден 24 километр
узақлықта жүз берген. Сондай-ақ, басқарма цунами қәўпин жәриялады.
Америка
геологларының пикиринше, қурбанлар саны 30 процентлик итималлық пенен 100
мыңнан артыўы мүмкин. Латын Америкасы мәмлекетинде айрықша жағдай режими
енгизилди, деп хабар берди ria.ru.