Усы жылдың июнь айында болып өткен V Ташкент халықаралық инвестициялық форумында додаланған мәселелерди таллаў соны көрсетеди, инвесторлар қарар қабыл етиўде жойбардың экономикалық нәтийжелилиги менен бир қатарда мәмлекетте қәўип-қәтерлерди басқарыў системасының қай дәрежеде раўажланғанына да айрықша итибар қаратады. Форум шеңберинде өткерилген "Инвестициялардың ҳуқықый архитектурасы" темасындағы сессияларда атап өтилгениндей, инвестицияларды тартыўда ҳуқықый кепилликлер, бийғәрез келиспеўшиликлерди шешиў механизмлери, қамсызландырыў ҳәм қайта қамсызландырыў институтлары және инвесторлардың исеними шешиўши әҳмийетке ийе.
Ири санаат, энергетика, транспорт, қурылыс ҳәм инфраструктура жойбарлары жоқары дәрежедеги финанслық қәўип-қәтерлер менен байланыслы болып, олардың көпшилиги нәтийжели қайта қамсызландырыў қорғаўын талап етеди. Сол себепли халықаралық әмелиятта қайта қамсызландырыў базарының раўажланғанына мәмлекеттиң инвестиция орталығын баҳалаўдағы әҳмиетли өлшемлерден бири сыпатында қаралады.
Жәҳән банки, Халықаралық валюта қоры ҳәм Swiss Re Institute таллаўларына бола, миллий қайта қамсызландырыў системасы экономиканың сыртқы шокларға шыдамлылығын арттырады, инвесторлар ушын қосымша финанслық кепилликлер жаратады ҳәм мәмлекеттиң халықаралық рейтинглерине унамлы тәсир көрсетеди. Бул болса, өз гезегинде, тиккелей сырт ел инвестициялары көлеминиң артыўына хызмет етеди.
Базар экономикасы шараятында қамсызландырыў системасы мәмлекет экономикасының әҳмийетли қурам бөлеги есапланады. Қамсызландырыў шөлкемлери түрли қәўип-қәтерлерди қабыл етип, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүлкин ҳәм де мәплерин қорғайды. Бирақ айырым жағдайларда қабыл етилген рисклер көлеминиң үлкенлиги қамсызландырыў компанияларының финанслық турақлылығына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Бундай жағдайларда қайта қамсызландырыў механизми үлкен әҳмийетке ийе. Қайта қамсызландырыў шөлкемлерине қабыл етилген қәўип-қәтерлердиң белгили бир бөлегин басқа қамсызландырыў ямаса қайта қамсызландырыў компанияларына өткериў имканиятын берип, олардың финанслық турақлылығын тәмийинлейди ҳәм ири зыянларды қаплаў имканиятын кеңейтеди.
Жәҳән әмелиятында қайта қамсызландырыў базары қамсызландырыў тараўының ажыралмас бөлеги сыпатында қәлиплескен болып, экономикалық қәўип-қәтерлерди нәтийжели басқарыў, инвестиция орталығын жақсылаў ҳәм финанслық турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди. Әсиресе, глобалласыў процеси, климат өзгериўи, тәбийғый апатшылықлар ҳәм экономикалық кризислер шараятында қайта қамсызландырыў системасының әҳмийети және де артып бармақта.
Соларды есапқа алған ҳалда мәмлекетимизде де бул тараўды раўажландырыўға тийкарғы итибар берилмекте. Соның ишинде, Президентимиздиң 2025-жыл 23-майдағы "Елимизде қайта қамсызландырыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары тийкарында миллий қайта қамсызландырыў шөлкеми - "Өзбекстан қайта қамсызландырыў компаниясы" акционерлик жәмийети шөлкемлестирилди. Бул мәмлекеттиң финанслық инфраструктурасын беккемлеўге қаратылған әҳмийетли институционаллық реформа сыпатында баҳаланбақта. Бул реформа жергиликли қамсызландырыў базарындағы қәўип-қәтерлердиң белгили бир бөлегин мәмлекет ишинде сақлап қалыў, қайта қамсызландырыў сыйлықларының сырт елге шығып кетиўин қысқартыў ҳәм миллий экономиканың инвестициялық потенциалын арттырыў имканиятын береди.
Жаңа Өзбекстанда қайта қамсызландырыў жумысын раўажландырыўдың ҳуқықый ҳәм экономикалық тийкарларын таллаў, тараўдағы әҳмийетли машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў, сондай-ақ, миллий қайта қамсызландырыў базарының экономика тармақларын финанслық қорғаў ҳәм инвестициялық турақлылықты тәмийинлеўдеги орны ҳәм әҳмийетин илимий-теориялық жақтан изертлеў оғада әҳмийетли.
Қайта қамсызландырыў қатнасықларының ҳуқықый ҳәм экономикалық тәреплери кең изертленген. Илимпазлар қамсызландырыў ҳәм қайта қамсызландырыўдың теориялық тийкарлары, қәўип-қәтерлерди бөлистириў механизмлери, қайта қамсызландырыў базарының институционаллық раўажланыўы, финанслық турақлылықты тәмийинлеўдеги әҳмийети ҳәм де миллий экономиканы қорғаўдағы роли бойынша бир қатар изертлеўлер өткерген. Бул илимий жумыслар қайта қамсызландырыў жумысын жетилистириўдиң теориялық ҳәм әмелий тийкарларын қәлиплестириўге хызмет етпекте.
Сырт ел изертлеўшилери қамсызландырыў ҳәм қайта қамсызландырыў системасының экономикалық мәнисин үйренип, қайта қамсызландырыў компаниялардың финанслық турақлылығын тәмийинлеўдиң әҳмийетли қуралы екенин атап өтеди. Олардың пикиринше, қайта қамсызландырыў тек ғана қәўип-қәтерлерди бөлистириў емес, ал миллий экономикада инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм капитал ҳәрекетин жеделлестириўде де әҳмийетли.
Атап айтқанда, белгили экономист илимпаз Б.Берлинер өз изертлеўлеринде қайта қамсызландырыў базарының раўажланыўы қамсызландырыў компанияларының төлем қәбилетин сақлап қалыў ҳәм қәўипли қәўип-қәтерлерди басқарыў имканиятын кеңейтиўин тийкарлап берген. Илимпаздың атап өтиўинше, заманагөй экономика шараятында қайта қамсызландырыў глобал финанслық қәўипсизлик системасының әҳмийетли буўыны болып есапланады.
Соңғы жыллары елимизде қамсызландырыў базарын реформалаў ҳәм қайта қамсызландырыў жумысын раўажландырыўға қаратылған бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Оларда миллий қайта қамсызландырыў базарын беккемлеў, қамсызландырыў шөлкемлериниң капиталластырыў дәрежесин арттырыў ҳәм халықаралық стандартларды енгизиў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленген.
Жаңа Өзбекстанда қайта қамсызландырыў базарын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың анализи соны көрсетеди, бул тараўдың институционаллық ҳәм ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Қамсызландырыў базарын либералластырыў, қамсызландырыў шөлкемлериниң финанслық турақлылығын тәмийинлеў және халықаралық стандартларды енгизиўге қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи қайта қамсызландырыў жумысын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратпақта.
Таллаў нәтийжелерине бола, миллий қамсызландырыў компаниялары тәрепинен қабыл етилип атырған ири рисклер көлеми жылдан-жылға артып бармақта. Бул болса қайта қамсызландырыў хызметлерине талаптың избе-из өсиўине алып келмекте. Әсиресе, санаат, энергетика, транспорт ҳәм қурылыс тараўларында әмелге асырылып атырған ири инвестициялық жойбарлар жоқары дәрежедеги қамсызландырыў қорғаўын талап етпекте. Бундай шараятта қайта қамсызландырыў компаниялары қәўип-қәтерлерди қайта бөлистириў арқалы қамсызландырыў шөлкемлериниң финанслық турақлылығын тәмийинлеў ҳәм олардың төлеў қәбилетин беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Соның менен бирге, миллий қайта қамсызландырыў базары жумысының анализи тараўда айырым машқалалардың бар екенлигин де көрсетпекте. Атап айтқанда, жергиликли қайта қамсызландырыў компанияларының капиталластырыў дәрежеси айырым ири ҳәм жоқары қәўипли қамсызландырыў объектлерин еркин түрде қайта қамсызландырыў ушын жетерли емес. Нәтийжеде қайта қамсызландырыў сыйлықларының белгили бир бөлеги сырт ел қайта қамсызландырыў компанияларына бағдарланбақта. Бул болса мәмлекеттен валюта қаржыларының шығып кетиўине ҳәм миллий қайта қамсызландырыў базарының инвестициялық потенциалы толық жүзеге шықпаўына себеп болмақта.
Изертлеў нәтийжелери санлы технологияларды енгизиў ҳәм қәўип-қәтерлерди баҳалаўдың заманагөй усылларынан пайдаланыў қайта қамсызландырыў операцияларының нәтийжелилигин арттырыўдың әҳмийетли факторы екенин көрсетти. Халықаралық тәжирийбе таллаўына бола, санлы платформалар ҳәм жасалма интеллект элементлеринен пайдаланыўшы қайта қамсызландырыў компаниялары қәўип-қәтерлерди баҳалаў анықлығын арттырыў, қарар қабыл етиў процесслерин жеделлестириў ҳәм операциялық қәрежетлерди сезилерли дәрежеде қысқартыўға ериспекте. Сонлықтан, миллий қайта қамсызландырыў базарында санлы трансформация процесин жеделлестириў тараўдың бәсекиге шыдамлылығын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўдың әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады.
Бул мағлыўматлардан көринип турғанындай, жаңа Өзбекстанда қайта қамсызландырыў базарының тийкарғы күшли тәреплери мәмлекет тәрепинен тараўды қоллап-қуўатлаў сиясаты ҳәм нормативлик-ҳуқықый базаның избе-из жетилистирилип барылыўы менен характерленеди.
Таллаў нәтийжелерине бола, қайта қамсызландырыў базарының раўажланыўына тәсир көрсетиўши тийкарғы факторлар арасында нызамшылық реформалары жетекши орынды ийелеп, олардың тәсир дәрежеси 85 процентти қураған. Бул мәмлекеттеги ҳуқықый реформалардың тараўдың раўажланыўы ушын шешиўши әҳмийетке ийе екенин көрсетеди.
Сондай-ақ, қамсызландырыў шөлкемлериниң капиталластырыў дәрежеси (78 процент) ҳәм санластырыў процеси (72 процент) де қайта қамсызландырыў базарының раўажланыўына сезилерли тәсир көрсетиўши әҳмийетли факторлар сыпатында баҳаланған. Бул көрсеткишлер қайта қамсызландырыў тараўын раўажландырыўда институционаллық ҳәм ҳуқықый реформалар менен бир қатарда финанслық потенциалды беккемлеў, санлы технологияларды енгизиў ҳәм инновациялық басқарыў механизмлеринен нәтийжели пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе екенин тастыйықлайды.
Демек, елимизде қайта қамсызландырыў жумысын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар тараўдың турақлылығы, финанслық қәўипсизлиги ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етип атырғанын көрсетти. Соның менен бирге, тараўда халықаралық стандартларды кеңнен енгизиў, қайта қамсызландырыў компанияларының финанслық потенциалын беккемлеў, заманагөй санлы технологиялардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм инсан капиталын раўажландырыў миллий қайта қамсызландырыў базарының узақ мүддетли ҳәм турақлы өсиўин тәмийинлейтуғын әҳмийетли факторлар.
V Ташкент халықаралық инвестиция форумында билдирилген пикирлер де XXI әсирде инвестицияларды тартыўдың тийкарғы шәрти ҳуқықый кепилликлер менен бир қатарда исенимли риск-менеджмент системасының бар екенлигин тастыйықлады. Қайта қамсызландырыў системасы болса мине усы исенимди экономикалық жақтан тәмийинлейтуғын әҳмийетли финанслық институт болып есапланады.
Улыўма алғанда, қайта қамсызландырыў базарын раўажландырыў мәмлекет финанс системасының турақлылығын тәмийинлеў, инвесторлардың исенимин беккемлеў, экономикалық қәўип-қәтерлерди нәтийжели басқарыў ҳәм миллий экономиканың узақ мүддетли раўажланыўына хызмет ететуғын стратегиялық әҳмийетке ийе ўазыйпалардан есапланады.
Анваржон ҒАФФОРОВ,
"Өзбекстан қайта қамсызландырыў компаниясы" акционерлик жәмийети - миллий қайта қамсызландырыў шөлкеми бас директоры