Илаж Өзбекстанның «Prestige Travel» компаниясы басламасы менен Туризм комитети менен биргеликте шөлкемлестирилди. Онда Маврикийдиң жетекши туристлик компаниялары ҳәм мийманхана брендлериниң ўәкиллери, жергиликли туроператорлар қатнасты. Ушырасыўда биргеликтеги туризм жойбарларын баслаў ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Режеге бола, биринши басқышта 26-декабрь ҳәм январь айларында "Ташкент-Маврикий-Ташкент" жөнелиси бойынша тек ғана төрт рейс әмелге асырылады. 2027-жыл июнь айынан усы жөнелис бойынша ҳәптесине бир мәрте турақлы рейслерди жолға қойыў режелестирилген.

Жаңа жөнелис Өзбекстанның туризм тараўы ушын Африка континентинде жаңа базар ашып ғана қоймастан, Ташкенттиң Орайлық Азия ҳәм ҒМДА мәмлекетлеринен Маврикийге жолаўшы ағымын бағдарлаў ушын транзит орай сыпатындағы потенциалын арттырады. Келешекте Қазақстан, Россия ҳәм ҒМДА мәмлекетлеринен туристлер Ташкент арқалы Маврикийге пәрўаз етиўи мүмкин болады.

"Жаңа авиарейслер өз-ара туристлер ағымын көбейтиўде үлкен әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, олар Өзбекстан туризми ушын жаңа бағдар сыпатында Маврикия базарын ашпақта. Маврикий халқының үлкен бөлегин ҳинд-мусылман жәмийетшилиги ўәкиллери қурайды, бул зыярат ҳәм гастрономиялық туризмди раўажландырыў ушын перспективалы имканиятлар жаратады. Усы мүнәсибет пенен Маврикийден келген мийманлар ушын Самарқанд, Бухара, Хийўа ҳәм Ташкент қалаларының тарийхый-мәдений мийрасы, ислам цивилизациясы менен байланыслы зыярат етиў орынлары, миллий тағамлар дәстүрлерин қамтып алған арнаўлы туристлик өнимлерди қәлиплестириў имканиятлары кеңеймекте", - деп атап өтти «Prestige Travel» компаниясының тийкарын салыўшысы Айбек Аҳмедов.

Авиақатнаўлар 2026-жылдан баслап ҳәр жылы июнь-август айларында әмелге асырылатуғын "Ашық туризм мәўсими" бағдарламасы шеңберинде жолға қойылмақта. Бағдарлама туризм базары қатнасыўшыларын қаржылай қоллап-қуўатлаў илажларын нәзерде тутады: жаңа жөнелислерди ашқан авиакомпанияларға тартылған ҳәр бир сырт ел туристи ушын 100 АҚШ доллары муғдарында субсидия, аэропорт хызметлерине 20 процентлик шегирме бериледи. Жергиликли туроператорларға узақ сырт еллерден тартылған ҳәр 1 мың турист ушын 5 мың АҚШ доллары муғдарында субсидия ажыратылады.