Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 25-марттағы "Атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаўға қаратылған "Таза ҳаўа" улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, ҳәр айдың 10 ҳәм 25-күнлери мәмлекетимизде "Автомобильсиз күн" ҳәм "Автомобильсиз ҳәптелик" акциялары өткериледи.

Бул илажлар шеңберинде Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң хызметкерлери хызмет ҳәм жеке автотранспорттан пайдаланыўдан ўаз кешип, жәмийетлик транспорт, велосипед ҳәм басқа да экологиялық қолайлы ҳәрекетлениў түрлерин қолланбақта.

Акция басланғанынан берли Комитет ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң 1 мың 730 дан аслам хызмет ҳәм жеке автомашиналарынан пайдаланыў шекленген. Нәтийжеде атмосфераға шығарылатуғын зыянлы шығындылардың муғдары орташа 17 370 кг ға азайған. Буннан тысқары, қалаларда транспорт тығылыслары дәрежеси азайғаны атап өтилди.

Әҳмийетли тәрепи: "Автомобильсиз күн" ҳәм "Автомобильсиз ҳәпте" акциялары өткерилип атырған дәўирде мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң автотранспорт қуралларынан пайдаланыўы нызамшылыққа муўапық жуўапкершиликке себеп болады.

Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерди, барлық пуқараларды экологиялық акцияларда белсене қатнасыўға, жәмийетлик транспорт, велосипед, электромобильлер ҳәм басқа да экологиялық таза транспорт түрлеринен имканы болғанынша көбирек пайдаланыўға шақырады.