Илажда Ташкент қаласы ҳәкиминиң турақ жай коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Обиджон Мўминов ҳәм тийисли уйымлардың басшылары қатнасты.

Ушырасыў даўамында тәреплер көп квартиралы турақ жай фондын басқарыў системасын жетилистириў, турақ жай коммуналлық хызметлердиң сапасын арттырыў, имаратлардан пайдаланыўдың заманагөй усылларын енгизиў, олардың энергия нәтийжелилигин арттырыў, пайтахт халқы ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз жасаў шараятларын жаратыў мәселелерин додалады.

Басқарыў процесслерин санластырыў, басқарыў шөлкемлериниң жумысын жетилистириў, энергия үнемлеўши технологияларды қолланыў, көп қабатлы турақ жайларды сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы алдынғы халықаралық тәжирийбени үйрениў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Япония компанияларының ўәкиллери тараўда қолланылып атырған заманагөй көзқараслар ҳәм шешимлер менен таныстырып, тәжирийбе алмасыў ҳәм профессионал бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер сөйлесиўди буннан былай да кеңейтиў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм турақ жай коммуналлық хожалық тараўындағы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын үйрениўден мәпдар екенин тастыйықлады.