Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң мәлим етиўинше, миллий ҳаўа сапасы индекси бойынша қаланың орташа көрсеткиши PM2.5 бөлекшелери ушын "сары", PM 10 бөлекшелери ушын болса "сарғыш" дәрежеде болды.

Түнде ҳаўа температурасының кескин төменлеўи, самалдың күшсизлиги ҳәм күшли температура инверциясы атмосфераның төменги қатламларында ҳаўа алмасыўын шекледи. Нәтийжеде PM2.5 ҳәм PM10 бөлекшелери жер бетине жақын қатламда топланып, ҳаўа патасланыўы түн даўамында ҳәм азанда жоқары дәрежеде сақланып қалды.

Метеосат жасалма жолдасының сүўретлерине бола, 26-октябрь саат 00:00 ден 08:00 ге шекем Ташкент қаласы ҳәм оған тутас аймақларда ҳаўада шаң бақланған.

Сондай-ақ, түн даўамында арнаўлы мобил лаборатория жәрдеминде атмосфера ҳаўасының жағдайы инструменталлық өлшенди. Бақлаў пунктлериниң көпшилигинде РМ2.5-майда дисперс бөлекшелери менен патасланыў дәрежеси халықаралық AQI бойынша "наўқас" ҳәм "жүдә наўқас" категорияларына сәйкес келиўи атап өтилди.

Бүгин күн даўамында ҳаўа сапасы халықаралық AQI бойынша "саламат емес", миллий индекс бойынша болса "сары" дәрежеде сақланыўы күтилмекте.

Ҳәзирги ўақытта атмосфера ҳаўасының сапасы арнаўлы комиссия тәрепинен турақлы мониторинг етип барылмақта.