Әлбетте, бул ретки мәжилис әзелден әдиллик принциплерине әмел еткен Саҳыпқыран Әмир Темур мәмлекетиниң пайтахтында, уллы сәркарда туўылғанының 690 жыллығы халықаралық көлемде кеңнен белгиленип атырған күнлерде өткерилип атырғаны әнжуманға және де көтериңкилик бағышламақта.

Дүнья жәмийетшилигиндеги орны ҳәм абырайы күн сайын артып баратырған Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бүгинги күнде түркий халықлардың бирлиги ҳәм раўажланыўын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екени кеўиллеримизде шексиз мақтаныш сезимлерин оятпақта.

Ҳүрметли дослар!

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң жумысында нызам үстинлигин тәмийинлеў, нәтийжели басқарыў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў мәселелери айрықша орын ийелейди. Әсиресе, дүньяның геосиясий картасында түпкиликли өзгерислер жүз берип атырған, қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлер көлеми барған сайын күшейип атырған ҳәзирги қыйын жағдайда бул мәселелерди биргеликте додалаў ҳәм тараўда нәтийжели шешимлер табыў оғада айрықша әҳмийетке ийе.

Мәмлекетлеримиз турмысында әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм күшли суд корпусын қәлиплестириўде, әлбетте, Судьялар кеңеслерине үлкен үмит билдиремиз.

Әне усы көзқарастан, бүгинги мәжилис күн тәртибине киргизилген мәселелер Кеңеслердиң келеси жумысының жаңа бағдарларын белгилеп береди, деп исенемен.

Атап айтқанда, форум шеңберинде ағза мәмлекетлерде судьялар этикасының улыўма принциплери бойынша өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылыўы күтилип атырғаны түркий халықлардың тарийхый-ҳуқықый дәстүрлериниң уқсаслығын, суд-ҳуқық системасы арасындағы улыўма әдеп-икрамлылық нормаларының бирлигин беккемлеўге хызмет етеди.

Бул әҳмийетли ҳүжжет судьялар минез-қулқының халықаралық тән алынған стандартларының әҳмийетин атап өтиў менен бирге, миллий ҳуқық дәстүрлерине ҳүрмет пенен қараўды нәзерде тутады.

Усы жылдың 6-май күни Ташкентте болып өткен Әдиллик академиялары форумында Түркий мәмлекетлердиң суд-ҳуқық тараўындағы билимлендириў системасын шөлкемлестириўдиң минимал стандартларына байланыслы халықаралық ҳүжжет қабыл етилгенин атап өтиў керек.

Бул ҳүжжет мәмлекетлеримизде судьяларды таярлаўдың жаңа ҳәм универсал системасын енгизиўге қаратылғаны айрықша итибарға ылайық.

Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

Сизлер Самарқандтағы ушырасыўда барлық мәмлекетлеримиз ушын тийкарғы ўазыйпалардан бири болған нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықларын қорғаў сыяқлы ийгиликли мақсетлер жолында салмақлы нәтийжелерге ерисесиз, деп исенемен.

Ең әҳмийетлиси, бундай форумлар мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликти, халықларымыз арасындағы жақын дослық ҳәм туўысқанлық байланысларын және де беккемлеўге, түркий дүньяның халықаралық майдандағы абырайы, тәсири ҳәм статусын арттырыўға хызмет ететуғыны сөзсиз.

Сизлерди бул илаждағы қатнасыўыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, оғада мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли жумысыңызда үлкен табыслар, беккем денсаўлық, әнжуман жумысына табыслар тилеймен.

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти