2025-жыл январьда "Blue
Ghost" ҳәм "Hakuto-R
Mission 2" автоматикалық ай
аппаратларын ушырыўда пайдаланылған ракетаның жоқары басқышы ҳаққында сөз
болмақта. Тийкарғы ўазыйпа орынланғаннан соң, басқыш ай әтирапындағы
траекторияда қалды. Кейинги есап-санақлар оның ушыўының жуўмақланыўы Ай бети
менен соқлығысыў нәтийжесинде жүз бериўин көрсетти, деп жазады "Space.com".
Дәслепки мағлыўматларға бола, Айдың Жерден көринетуғын
тәрепиниң шетинде жайласқан Эйнштейн кратериниң аймағында қулаў күтилмекте. Ҳәзирше
соқлығысыў орны анықланбақта. Илимпазлар урылыўдан пайда болған жарылыўды,
сондай-ақ, жолдас бетинен жоқарыға көтерилиўи мүмкин болған ай шаңы бултының
пайда болыўын анықлаўды есап-санақ етпекте.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, бундай ўақыялар жүдә аз
ушырасады ҳәм илимий жақтан үлкен қызығыўшылық оятады. Бақлаўлар соққы
кратерлериниң пайда болыў процесслерин, тасланған топырақтың тарқалыўын ҳәм
әззи гравитация шараятында ай шаңының өзгешеликлерин жақсырақ үйрениўге жәрдем
береди.
Алынған мағлыўматлар келешектеги Айдағы миссияларды
таярлаў ҳәм космослық соқлығысыўларды бақлаў усылларын ислеп шығыўда да пайдалы
болады.
Бақлаўларға профессионал обсерваториялар да, ҳәўескер
астрономлар да таярланбақта. Қолайлы шараятларда бул ўақыяны жердеги
телескоплар, сондай-ақ, Ай орбитасындағы космослық аппаратлар да дизимге ала
алады. Атап айтқанда, қәнигелер АҚШтың "Lunar Reconnaissance Orbiter"
орбиталық аппаратының мағлыўматларынан пайдаланыўды режелестирмекте, бул
аппарат соққыдан алдын ҳәм соққыдан кейин қулаўдың болжаў етилген орны
ҳаққындағы сүўретлерди алыўы мүмкин.
Илимпазлардың атап өтиўинше, бул ўақыя Ай бетиндеги
урылыўларды дизимге алыў усылларын тексериў ҳәм оның бетиниң динамикасына
байланыслы жаңа мағлыўматларды алыў ушын сийрек ушырасатуғын имканият болады.
Соның менен бирге, қәнигелер жарылыўды Жерден көриў аңсат болмайтуғынын
ескертпекте - көп нәрсе оның анық түскен орны, соқлығысыў ўақтындағы нурланыў
күши ҳәм бақлаў шараятына байланыслы болады.