Нәтийжелер «Frontiers in Insect Science» журналында жәрияланған.
Изертлеў авторларынан бири, ТюмМУ Экологиялық ҳәм аўыл хожалығы биологиясы институты (X-BIO)
директоры Роман Яковлевтиң айтыўынша, түрли фумигаторларды сынаў Нигер дәрьясы бойындағы саванна ҳәм Мали пайтахты Бамако әтирапында өткерилген.
Оның атап өтиўинше, шыбын-ширкейлерден ең жақсы
қорғаныўшы пуўландырыўшы үскенелер болып есапланады. Илимпазлардың
түсиндириўинше, олардың қурамындағы ушыўшы пиретроидлар нерв импульслериниң
өтиўин блоклап, шыбын-ширкейлерди ләң етеди. Сондай-ақ, сынақ нәтийжесинде
электрон ысытқышлар өз әтирапында көринбейтуғын "гүмбез" пайда еткени
анықланды. Соның менен бирге, түтин спиральлары ҳәм ултрасесли
"пысылдағышлар" шыбынларды әдеўир әззи қорқытқан ямаса ислемеген,
делинеди материалда. Буннан тысқары, изертлеўшилер цитрус ийисли хош ийисли
шамлардың нәтийжели емеслигин көрсетип өтти, деп жазады lenta.ru.