Тәреплер саўда, инвестициялық шериклик ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиў мәселелерин додалады. Январь-май айларында товар алмасыў дерлик 40 процентке өсти, оны 1 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы тастыйықланды.

Геологиялық-излеў, қымбат баҳалы металлар қазып алыў, тоқымашылық, туризм ҳәм қала қурылысы, фармацевтика, электротехника ҳәм азық-аўқат санааты, қурылыс материалларын ислеп шығарыў тараўларындағы жойбарлар көрип шығылды.

Аймақлараралық байланыслар, август айында 4-Өзбекстан-Әзербайжан форумын өткериў ҳәм еки тәреплеме инвестициялық компанияның портфелин кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Жуўмағында ҲАК протоколына ҳәм инвестициялар, қаржыландырыў, санаат кооперациясы, геология-излеў ҳәм минерал ресурсларды өзлестириў тараўларындағы келисимлер топламына қол қойылды.