Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық
бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў перспективалары додаланды. Усы жылдың
январь-июнь айларында өз-ара товар алмасыў 37,5 процентке өсип, 305 миллион
долларға жеткени атап өтилди.
29 қоспа жойбарды алға қойыў, сондай-ақ, 26-27-ноябрь күнлери Ташкент
қаласында болып өтетуғын Ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның 17-мәжилиси ҳәм
Өзбекстан-Иран бизнес форумына таярлық көриў мәселелерине айрықша итибар
қаратылды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара саўда көлемин арттырыў, инвестициялық
бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша
биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге келисип алды.