Атап айтқанда, мәмлекетлик саўда ҳәм санаат министри Аҳмад бин Муҳаммад
Ас-Сайед ҳәм мунисипалитет министри Абдулла бин Ҳамад бин Абдулла Ал-Аттия
менен сөйлесиўлер өткерилди.
Буннан тысқары, Қатардағы тийкарғы раўажланыў институтлары ҳәм
инвестициялық шөлкемлер, соның ишинде, Еркин аймақлар агентлиги, Қатар
раўажланыў қоры, Қатар инвестициялық агентлиги, Қатар раўажланыў банки ҳәм
Қатар санаат өндирис компаниясының басшылары менен нәтийжели ушырасыўлар
өткерилди.
Сөйлесиўлерде еки
тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, инвестицияларды тартыў ҳәм экономиканың
тийкарғы тармақларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў перспективалары
додаланды.
Қатар
мәмлекетиниң ири компаниялары ўәкиллери менен ушырасыўлар жуўмағында транспорт
инфраструктурасы, билимлендириў, логистика, химия санааты, энергетика, аўыл
хожалығы ҳәм туризм тараўларында жаңа жойбарларды иске қосыў бойынша
келисимлерге ерисилди.
Толық "жол
карталары"н таярлаў ҳәм ерисилген келисимлердиң нәтийжели әмелге
асырылыўын тәмийинлеў ушын жуўапкер басшылар белгиленди ҳәм келешектеги бирге
ислесиў механизмлери келисип алынды.