Ушырасыў Өзбекстан транспорт министриниң биринши орынбасары Маманбий Омаров ҳәм Қазақстан транспорт министриниң орынбасары Мақсет Калиакпаров басшылығында болып өтти.

Мәжилис даўамында тәреплер еки мәмлекет арасында халықаралық автомобиль тасыўларын буннан былай да раўажландырыў, жүк ҳәм жолаўшы тасыўлар көлемин арттырыў, руқсат бериў системасын жетилистириў ҳәм транзит потенциалын кеңейтиў мәселелерин додалады.

Атап айтқанда, "үзликсиз транзит" механизмин енгизиў бойынша еки тәреплеме жумысшы топар дүзиўге келисип алынды. Онда халықаралық автомобиль тасыўлары тараўындағы тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў ҳәм санластырыў, ҳәкимшилик тосқынлықларды қысқартыў, электрон ҳүжжет айланысына басқышпа-басқыш өтиў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, тәреплер 2027-жылдан баслап автомобиль транспортында турақлы болмаған халықаралық жолаўшы тасыўларды әмелге асырыў ушын электрон рухсатнама бланкалары системасын енгизиўге алдыннан келисип алды.

Ушырасыўда автотранспорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм транспорт қадағалаўының нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер транспорт-логистика тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан мәпдар екенин тастыйықлады ҳәм ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўын тәмийинлеўге келисип алды.