Тәреплер саўда ҳәм инвестициялық байланысларды раўажландырыў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў перспективаларын додалады. Товар алмасыўды көбейтиў, Өзбекстан өнимлерин Кувейт базарына алып кириў, бизнес миссия ҳәм көргизбелер шөлкемлестириў, исбилермен топарлар арасындағы байланысларды беккемлеў илажлары көрип шығылды.

Банк-қаржы, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы жойбарлар перспективалы екени атап өтилди. Инфраструктура ҳәм логистика жойбарларын қаржыландырыў бойынша Кувейт араб экономикалық раўажланыў қоры менен бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан - Кувейт бизнес форумын шөлкемлестириў, сондай-ақ, Ҳүкиметлераралық комиссияның жумысын жанландырыў ҳәм оның үшинши мәжилисин усы жылдың гүзинде Өзбекстанда өткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.