Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстан - Сербия саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларының бүгинги жағдайы ҳәм перспективаларын, оларды буннан былай да кеңейтиў имканиятларын додалады.

Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның усы жылдың гүзинде Белград қаласында өткерилиўи режелестирилген биринши мәжилисине таярлық жумысларына айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер анық саўда ҳәм инвестициялық басламаларды да көрип шықты. Фармацевтика, аўыл хожалығы, химия санааты, машина қурылысы, тоқымашылық тармағы ҳәм транспорт инфраструктурасы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары сыпатында белгиленди.

Сөйлесиўлер жуўмағында өз-ара саўданы кеңейтиў, инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм жаңа қоспа жойбарларды алға қойыў бойынша биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге келисип алынды.