Илажда Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң биринши орынбасары Шерзод Каримов, Санлы технологиялар министриниң орынбасары Рустам Каримжонов, Санлы билимлендириўди раўажландырыў орайының директоры Азамат Эшанқулов, Пән олимпиадалары орайының директоры Тўрабой Шерматов, сондай-ақ, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Өзбекстан сайланды командасының тренерлери, олимпиада қатнасыўшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Баспасөз әнжуманында Өзбекстан өз тарийхында биринши мәрте Халықаралық информатика олимпиадасын өткерип атырғаны, жарыстың билимлендириў системасы ҳәм мәмлекеттиң санлы раўажланыўы ушын стратегиялық әҳмийети, халықаралық қатнасыў көлеми, олимпиаданы өткериўге таярлықтың барысы ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, IOI 2026-жылы 97 ден аслам мәмлекеттен 386 мектеп оқыўшысы қатнасады. Делегация ағзалары, халықаралық комитет ўәкиллери, тренерлер ҳәм мийманларды есапқа алғанда, қатнасыўшылардың улыўма саны 900 ден артады. Бул халықаралық информатика олимпиадасы тарийхында қатнасыўшы мәмлекетлер саны бойынша рекорд көрсеткиш болады.

Өзбекстан сайланды командасының таярлығына айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, таярлық процеси 2025-жылдың ноябрь айында басланған ҳәм басқышпа-басқыш алып барылған. Қазақстан, Польша ҳәм Румыниядан келген халықаралық экспертлердиң қатнасыўында онға шамалас оқыў-шынығыў жыйыны шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылардың тек ғана техникалық емес, ал руўхый таярлығына да айрықша итибар қаратылды. Таңлаў нәтийжелерине бола, аймақлық басқыштан өткен 100 оқыўшы арасынан еки сайланды команда қәлиплестирилди ҳәм олардың қурамына ең жақсы 8 қатнасыўшы киргизилди.

Сондай-ақ, кейинги жылларда санлы билимлендириў, мәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма интеллект тараўларындағы избе-из реформалар себепли Өзбекстан халықаралық IТ-майданындағы орнын беккемлеп атырғаны атап өтилди. IOI 2026-жылдың өткерилиўи бул өзгерислердиң әмелий нәтийжеси болып, қәбилетли жаслардың потенциалын жүзеге шығарыў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм мәмлекеттиң технологиялық потенциалын дүнья жәмийетшилигине көрсетиўге хызмет етеди.

Презентациялардан соң ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўап алды.

Еслетип өтемиз, 38-Халықаралық информатика олимпиадасы (IOI 2026) 9-16-август күнлери Ташкент қаласындағы CAEx Орайлық Азия көргизбелер комплексинде болып өтеди. Өзбекстан өз тарийхында биринши мәрте усы абырайлы халықаралық жарысқа басшылық етеди.