Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы (ЭИРО) республикамыз бойлап
исбилерменлер арасында өткерилген айлық сораўнамалар тийкарында Өзбекстанның
исбилерменлик орталығын таллаў нәтийжелерин усынды.
Алынған мағлыўматлар тийкарында бизнестиң ҳәзирги жағдайы ҳәм келеси үш
ай ушын күтилмелерди баҳалаўды характерлейтуғын бизнес орталығының жыйынды
индикатори қәлиплестирилди.
Өзбекстанның жыйналмалы исбилерменлик орталығының динамикасы.
Июнь айында исбилерменлик орталығының жыйынды индекси 58 пунктти қурап,
май айының дәрежесинен 1 пункт жоқары болды.
Индекстиң 50 баллдан жоқары болыўы исбилерменлик орталығында оптимистлик
баҳалардың үстинлигин көрсетеди.
Есап-санақларға
бола, бизнестиң ҳәзирги жағдайы индекси 48 баллды қурап, кәрханалар тәрепинен
әсте-ақырын баҳаланған, күтиўлер индекси болса 68 баллды қурап, келеси үш айда
бизнестиң жоқары дәрежедеги оптимизм дәрежесин сақлап қалған.
Сораў нәтийжелери
исбилерменлик белсендилигиниң тийкарғы көрсеткишлериниң унамлы динамикасын
көрсетпекте. Исбилерменлердиң 48 проценти (быйылғы жылдың май айында 44
проценти) бизнестиң жағдайын "жақсы" деп баҳалаған.
Өткен үш айда
товарлар ҳәм хызметлерге болған талаптың артқанын респондентлердиң 40 проценти
(37 процент) атап өткен, жумысшылар санының артқанын исбилерменлердиң 24
проценти атап өткен, бул өткен айдағы дәрежеден бираз төмен (28 процент).
Бизнес-климат
индексиниң тармақлық динамикасы.
Өткен айға
салыстырғанда исбилерменлик орталығын баҳалаў санаат ҳәм хызмет көрсетиў
тараўларында жақсыланған болса, аўыл хожалығы ҳәм қурылыста бир қанша төменлеў
бақланған.
Аўыл хожалығында
бизнес орталығының жыйынды индикатори 64 пунктти қурап, өткен айдың дәрежесинен
бираз төмен (70). Бир айда тармақта ҳәм ағымдағы баҳалар, ҳәм исбилерменлердиң
күтимлери жақсыланды.
Соңғы үш айда
жағдайдың жақсыланғанын 54 процент (47 процент), исбилерменлер, ҳәзирги
жағдайды "жақсы" деп баҳалағанлар 52 процент (49 процент), жумысшылар
санының артқанын 32 процент (28 процент) исбилерменлер атап өткен.
Қурылыста бизнес
орталығының жыйынды индикатори 65 (69 бәнт) ти қурап, өткен айға салыстырғанда
4 пунктке төменлеген.
Қурылыстағы
исбилерменлик белсендилигиниң тийкарғы көрсеткишлери бойынша унамлы кейпият
сақлап қалынды. Өткен үш айда қурылыс кәрханаларының ярмында (49 процент)
жағдай жақсыланған, бул май айының дәрежесинен 2 процентке (47 процент) жоқары;
қурылыс кәрханаларында жумысшылар саны 36 процентке артқан, бул өткен айға
салыстырғанда 6 процентке төмен (42 процент); қурылыс кәрханаларының 36
процентинде өнимлерге болған талаптың өсиўи белгиленген, бул май айына
салыстырғанда 15 процентке төмен (51 процент).
Өткен жылғы
дәрежеге салыстырғанда төменлеўге қарамастан, санааттағы исбилерменлик
орталығының жыйынды индикатори 49 бәнтти қурап, бул өткен айдағы дәрежеден (46
бәнт) 3 пунктке жоқары. Индекстиң орташа мәниси санаат кәрханалары тәрепинен
ҳәзирги жағдайды баҳалаў менен байланыслы.
Санаат
кәрханаларының 43 проценти (34 проценти) өз бизнеси жағдайын "жақсы"
деп баҳалаған. Соның менен бирге, 55 проценти (61 проценти) жақын үш айда
жумысшылар санының артыўын күтип атыр. Қысқа мүддетли күтилмелер жоқары
дәрежеде қалмақта Санаат тармағы кәрханаларының 74 проценти жақын үш айда
раўажланыў перспективаларына оптимизм билдирди.
Хызметлер
тараўында бизнес орталығының жыйынды индикатори 3 пунктке өсип, 59 (56 пункт)
ти қурады ҳәм унамлы көрсеткишлер шеңберинде қалды. Өзгерислер тийкарынан қысқа
мүддетли күтиўлердиң жақсыланыўы менен байланыслы болып, 67 бәнтти қурады, бул
өткен айдың (61 бәнт) мәнислеринен 6 бәнтке жоқары.
Хызметлер
тараўындағы исбилерменлик белсендилиги көрсеткишлери унамлы болып қалмақта.
Соның менен бирге, компаниялардың 76 проценти жақын үш айдағы раўажланыў
перспективаларына оптимизм билдирди, хызмет көрсетиў тараўындағы кәрханалардың
38 проценти болса кейинги үш айда бизнестиң ҳәзирги жағдайы жақсыланғанын атап
өтти.
Бизнес
жүргизиўдеги тосқынлықлар азаймақта.
Июн айы
жуўмақларына бола, исбилерменлердиң 60 проценти бизнес жүргизиў ушын
тосқынлықлар жоқ екенлигин мәлим еткен, бул бир ай алдынғы дәрежеге (57
процент) салыстырғанда 3 процентке көп. Унамлы баҳалардың ең жоқары үлеси
хызмет көрсетиў (63%), аўыл хожалығы (59%), қурылыс (53%) ҳәм санаат (52%)
тараўларында белгиленген.
Исбилерменлик белсендилигин
шеклеп атырған тийкарғы факторлар сыпатында респондентлер салық мәселелери
(20%), соның ишинде, салық ҳәкимшилиги ҳәм салық ставкалары; кредитлерден
пайдаланыў, процент ставкалары ҳәм басқа да мәселелер менен байланыслы банк
системасы машқалалары (14%); жетерли дәрежеде талап жоқлығы (8%); басқа да
финанслық қыйыншылықлар (8%) көбирек атап өтилген.
Экономикалық
жумыс түрлери бойынша аўыл хожалығында финанслық қыйыншылықлар ҳәм жер
участкаларын алыў мәселелери әҳмийетли болды; санаатта электр энергиясы
тәмийнаты ҳәм кредитлерден пайдаланыў менен байланыслы мәселелер көбирек тилге
алынды; қурылыста исбилерменлер финанслық шеклеўлерди көрсетип өтти, хызмет
көрсетиў тараўында болса салық ҳәкимшилиги ҳәм талап жетерли емеслиги
мәселелери үлкен әҳмийетке ийе болды.