Ташкент ўәлаятында 29-сентябрь күни кеште ҳәм түнде ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.

Ҳаўаның температурасы күндиз 25-28 дәреже, түнде 10-13 дәреже.

30-сентябрь ҳәм 1-октябрь күнлери республиканың айырым аймақларында, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятынан тысқары, жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. 2-октябрь күни жаўын-шашын болыўы күтилмейди.

Бул күнлерде түнде 8-13 градус, күндиз 21-24 градус, айырым жерлерде 26 градус болады.

Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында бир ҳәпте даўамында ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. 30-сентябрь - 1-октябрь күнлери айырым жерлерде күшли жаўын жаўыўы күтиледи. Жоқары таўлы аймақларда жаўын-шашын қарға айланыўы мүмкин.

Самалдың бағыты өзгерип, батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. 30-сентябрь ҳәм 1-октябрьде шөл аймақлары ҳәм қублада айырым жерлерде самалдың тезлиги 14 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

Ташкентте 29-сентябрь күни кешки ўақытта ҳәм түнде ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 10-13, күндиз 25-28 дәреже болады.

30-сентябрь ҳәм 1-октябрь күнлери пайтахтымызда ўақты-ўақты менен жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы күтиледи. 2-октябрь күни жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Түнде 10-13, күндиз 21-24 дәреже болады.

Ташкентте самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.